Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Түркменстанның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Шадурды Мередовты қабыллады.

Ушырасыўда тарийхы, дәстүрлери, қәдириятлары уқсас Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўиниң кең шеңбери, соның ишинде, саўда-экономикалық, социаллық, мәдений гуманитарлық ҳәм парламентлераралық қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Мәмлекетлераралық қатнасықларда парламент дипломатиясының орны зәрүр екенлигинен келип шығып, парламентлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерине тийкарғы итибар қаратылды.

Атап айтқанда, еки мәмлекет арасында ерисилген барлық дәрежедеги келисимлердиң парламент қадағалаўы шеңберинде орынланыўын тәмийинлеўге жәрдемлесиў, комитетлер арасында нызам дөретиўшилиги бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасыў, жас парламентарийлар арасында пикирлесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысылды.

Бизге белгили, еки мәмлекет арасындағы байланысларда экономикалық бирге ислесиў әҳмийетли орын ийелейди ҳәм 2022-жылы өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик бир миллиард долларды қурады. Соған қарамастан еки тәрепте де бул бағдардағы көрсеткишти артттырыў ушын жетерли имканият ҳәм потенциал бар екенлиги атап өтилди. Оның ушын Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў бойынша биргеликтеги комиссия жумысынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў керек.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў шеңберинде еки мәмлекет де мәденият күнлери шөлкемлестирилмекте. Ушырасыўда еки халықтың мәдений ҳәм руўхый жақынласыўына имканият жарататуғын, мәмлекетлераралық гуманитарлық қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеуғын жойбарларды жолға қойыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Сондай-ақ, гендер теңлик мәселелеринде жедел бирге ислесиў алып барыў, мәмлекетлер арасында туристлик бағдарларды раўажландырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Н.Абдураимова, ӨзА