Хожели районындағы «Суўшылар бағы»нда тараў қәнигелериниң қатнасыўында суў хожалығына тийисли шөлкемлерде шөлкемлестирилген жәрдемши хожалықлардың жумыслары менен таныстырыў, жумысшы-хызметкерлерди қосымша хошаметлеўди шөлкемлестириў мәселелери бойынша көргизбели семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жузбаев, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң бөлим баслығы, республикаға бириктирилген ўәкил Н.Атақулов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, суў хожалығы шөлкемлеринде жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириўдиң әҳмийети ҳәм системада ислейтуғын суўшыларды қосымша хошаметлеў бойынша әмелдеги мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.


Атап өтилгениндей, елимизде инсан қәдири ушын принципи тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар суў хожалығы министрлиги системасындағы илажларда көзге тасланбақта.

Илаж даўамында қатнасыўшылар жәрдемши хожалықларда жетистирилген өнимлер көргизбесин тамашалап, «Суўшылар бағы» әтирапында жумысшы хызметкерлерди қосымша табыслы етиў ушын шөлкемлестирилген таўық кетек ҳәм бағ әтирапынан ағып өтетуғын коллекторда үйрек бағыў ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

– Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасында жумыс ислейтуғын жумысшы-хызметкерлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў,  қосымша хошаметлеў мақсетинде «Суўшылар бағы»нда шөлкемлестирилген жәрдемши хожалықларда 300 бас үйрек бағыўды жол қойыў арқалы қосымша дәрамат дәреги жаратылмақта,-дейди Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы баслығы К.Сарибаев.

«Суўшылар бағы»нда үйрекхана қурыў ушын метал профиль, полат кетеклерге жәми 14 миллион 246 мың сумнан аслам қаржы жумсалды. Усы жәрдемши хожалықта 300 бас үйректи бағыў ушын ҳәр бир үйректи 20 мың сумнан сатып алдық ҳәм оған 6 миллион сум қаржы жумсалды. Ҳәр бир үйрекке күнине 1 килограммнан дән берсек, күнине 30 килограмм дән, егерде 2 ай бағылса, 1800 килограмм дән өнимлери керек болады екен. Утымлысы үйреклеримиз усы жәрдемши хожалықларда жетистирилген дән өнимлери есабынан бағылады. Еки ай даўамында бағылған ҳәр бир үйрек орташа 5 килограммнан гөш бергенде 52 миллион сумнан артық дәрамат болады екен.

Үйреклерди сатып алыў ушын жумсалған 6 миллион сумды 52 миллион 500 мың сумнан алып тасласақ, 46 миллион 500 мың сум муғдарында сап пайда қалады. Бул қаржылар үйреклердиң бас санын көбейтиўге ҳәм жәрдемши хожалықты еле де раўажландырыўға жумсалады. Келешекте усындай және 3-4 жәрдемши хожалықлар шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.



Қурылысты өзимиздиң жумысшылар әмелге асырғаны ҳәм күтими де жумысшылардың өзлеринен ҳәм азығы да өзимизден болғаны усы жумысларымыздан дәрамат алыў имканиятын асырып атыр.

Семинарда жәрдемши хожалықлардың әтирапында да мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерин егиў бойынша ўазыйпалар белгиленди ҳәм «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде илаж қатнасыўшылары бул суўшылар бағына мийўели терек нәллерин екти.



Ирригация системасы басқармалары, райондағы ирригация ҳәм мелиорация бөлимлери ҳәм насос станциялары басшылары қатнасқан семинарда барлық шөлкемлерде усы сыяқлы жәрдемши хожалықлар шөлкемлестирип, онда қус, үйрек ҳәм балық бағыўды шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги