Тараўдың мәмлекетлераралық бирге ислесиўиниң раўажланып барыўы реформалардың жаңа басқышын белгилейди. Усы мақсетте Өзбекстан ҳәм Түркия ишки ислер министрликлери арасында уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топардың гезектеги мәжилиси Ташкент қаласында өткерилмекте.

Усы жылдың 19-21-ноябрь күнлери Түркия мәмлекети Ишки ислер министриниң орынбасары мырза Мехмет Акташтың басшылығындағы делегациялардың елимизге жумысшы сапары әмелге асырылмақта.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде өзбек-түрк уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топарының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Илаж даўамында Өзбекстан ҳәм Түркия ишки ислер министрликлери арасында өз-ара бирге ислесиў байланысларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, транспорт қәўипсизлиги, терроризм ҳәм экстремизм және трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм кадрлар мәселесин арттырыў сыяқлы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Дослық ҳәм қызғын руўхта өткен ушырасыўда тәреплер келешектеги перспективалы жойбарлар бойынша бирге ислесиў бағдарламасына қол қойды.

Өзбекстанға сапар процесинде Түркия делегациясын мәмлекетимиз Ишки ислер министрлигиниң Ситуациялық-аналитикалық орайының жумысы, туризм объектлеринде қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў сыяқлы тараўға байланыслы ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылған реформалар менен танысыўы режелестирилген.

ӨзА