Чипс ҳәм газленген ишимликлер сыяқлы қайта исленген азық-аўқатларды жеў адамның мийиниң жағдайына унамсыз тәсир көрсетиўи ҳәм ҳәтте оның көлемин кемейтиўи мүмкин. Барселона автоном университети илимпазлары усындай жуўмаққа келди.

Сода ҳәм чипслерден тысқары, энергетикалық ишимликлер, бургерлер ҳәм басқа түрдеги фастфудлар сондай өнимлер категориясына киреди. Әдетте, бундай өнимлер эмулсификаторлар ҳәм басқа химиялық қосымшалар жәрдеминде санаат шараятында ислеп шығарылады.

Илимпазлар шама менен 50 жаслы 152 адамды тексерди. Олардан 89 ы  артықша салмаққа ийе. Тәжирийбе қатнасыўшылары магнит-резонанс томография (МРИ) ҳәм исиў биомаркерлерин лаборатория тексериўинен өткерди. Олар, сондай-ақ, қайсы аўқатларды жеўди абзал көриўи ҳаққында сораўнамаларды толтырды.

Мәлим болыўынша, зыянлы азық-аўқатларды көп жегенлердиң мийинде өзгерислер анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги