Президент Шавкат Мирзиёев 20-ноябрь күни банк системасында трансформациялаў ҳәм меншиклестириў процесслериниң додалаўы бойынша мәжилис өткерди.
Бул тараўды реформалаў бойынша әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде кейинги үш жылда банклер капиталы 1,8 есеге, жыллық кредит ажыратыў көлеми 2 есеге көбейди. 4 банк биринши рет евробонд шығарып, халықаралық капитал базарларынан 1 миллиард доллар ресурс алып келди. «Ипотека-банк»ке стратегиялық сырт ел инвесторы тартылды. 13 жаңа жеке меншик банк шөлкемлестирилди, Венгрия, Қазақстан ҳәм Грузияның абырайлы банклери елимизде жумыс алып баслады. Онлайн банк хызметлериниң көлеми 2,7 есеге артты.
Соның менен бирге, банк секторында бәсеки күшеймекте, банк хызметлерине халық ҳәм исбилерменлер тәрепинен талап артпақта. Бул тараўда трансформация процесслерин жеделлестириў, келеси жыллар ушын тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алыўды талап етип атыр.
Атап айтқанда, мәмлекет үлесине ийе банклерди меншиклестириўге таярлаў, олардың баҳалы қағазларын IPOға шығарыў, тараўға тәжирийбели сырт ел қәнигелерди тартыў бойынша усыныслар билдирилди.
Халықаралық рейтинг компаниялары менен бирге ислесиўди күшейтип, банклердиң рейтингин арттырыў бойынша орта мүддетли илажлар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, тараўда кадрлар таярлаў системасын заман талапларына бейимлестириў керек екени көрсетип өтилди.
Мәжилисте банк басшылары трансформациялаў ҳәм меншиклестириўге таярлық көриў, хызметкерлерди оқытыў, тараўда алдынғы IT жетискенликлерин енгизиў бойынша режелерди айтты.
Ҳәр бир банк өзи инвестиция киргизген жойбарларды терең таллап, иске қосылыўын бақлап барыўы, аймақлар ҳәм тараўларда нәтийжелилиги жоқары болған жойбарларды әмелге асырыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
ӨзА