20-ноябрь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ишимлик суўы, аўыл хожалығы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында халықаралық финанс институтлары қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыўы көрип шығылды.

Соңғы жыллары халықаралық финанс институтларының жәрдеминде әмелге асырылып атырған жойбарлардың саны да, көлеми де кеңейип бармақта. Атап айтқанда, ақырғы жети жылда усындай институтлардың қаржылары есабынан 16 миллиард доллар өзлестирилди. 103 жойбар иске қосылды.

Булардың нәтийжесинде 5 миллионға шамалас халықтың күнделикли турмысы жақсыланыўына тәсир еткен 9 мың социаллық ҳәм инфраструктуралық имаратлар қурылды ҳәм оңланды. 38 жаңа ири санаат қуўатлығы иске қосылып, 6,5 мың жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылды.

Соның менен бирге, сырт ел инвестициялары есабынан, тараўларға жаңа технологиялар, заманагөй қатнаслар да кирип келмекте.

Бирақ, барлық тармақта да нәтийжелилик бирдей емес. Мәселен, Аўыл хожалығы министрлигиниң системасында усы жылы 238 миллион доллар халықаралық финанс институтлары қаржыларының өзлестирилиўи күтилмекте. Бул мөлшерден әдеўир аз.

Улыўма, соңғы жыллары тараўға 2,4 миллиард доллар тартылып, соннан 1,3 миллиард доллары өзлестирилген. Бирақ, кешиккен жойбарлар да бар. Мысалы ушын, Әндижан, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында агрологистика орайларын шөлкемлестириў кешикпекте.

Денсаўлықты сақлаў министрлигинде 877 миллион долларлық 11 жойбар бар. Олардың айырымлары әмелге асырылмақта. Бирақ нефрология ҳәм урология мәкемелерин үскенелеў, пайтахтымыздың Яшнабад районында үлкенлер ушын көп тармақлы медицина орайын қурыў, миллий референс лабораториясын шөлкемлестириў жойбарлары бойынша инвестиция өзлестириў басланбаған.

«Өзсуўтәмийнат» тармағында баҳасы 2,1 миллиард долларлық 22 жойбар әмелге асырылмақта. Соннан 8 жойбардың өз ўақтында иске қосылмаў итималы бар.

Бул көпшилик жағдайларда жойбарлаў топарларының жумысы менен байланыслы екени көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың орынланыўында министрлердиң жуўапкершилигин арттырыў, ҳәр бирин халықаралық экспертлер қатнасыўында додалап барыў ҳәм қаржыларды нәтийжели жумсаў бойынша көрсетпелер берди.

Жуўапкерлер жылдың ақырына шекем ҳәм 2024-жылы жумысларды жеделлестирип, кешигиўлерди сапластырыў, жойбарларды сапалы орынлап, нәтийжесин тәмийинлеў бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА