Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте Кадастрлар палатасы мәмлимлеме хызмети басшысы Муножат Йўдошева мәлим етти.

Сондай-ақ, өткен дәўир даўамында географиялық объектлерге атама бериў ҳәм оларға қайта атама бериў ҳаққындағы усынысларды мәмлекетлик экспертизадан өткериў бойынша 46 330 атама эксперт комиссиясына усынылған.

Соннан, 22 970 географиялық объект атамаларына нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықлығы бойынша унамлы эксперт жуўмақлары берилген, 23 360 атама нызамшылық ҳүжжетлери талапларына муўапық емес деп табылып, қайта көрип шығыў ушын аймақлық комиссияларға қайтарылған.

Соныӊ менен бир қатарда, аймақлық комиссиялар тәрепинен үйренилген ҳәм аймақта жоқ болған 954 географиялық объект атамаларын мәмлекетлик реестрден өшириў, мәмлекетлик реестрге киргизилген 279 географиялық объектлердиӊ атамаларына тийисли өзгерислер киргизиў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги