Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында тоғай хожалығы системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында тоғай фонды ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў системасын жетилистириў, сондай-ақ, тоғай фонды жерлериниң майданын, соннан тоғай менен қапланған жерлерди көбейтиў, туқым таярлаў, палҳәрре шаңарақлары, аўыл хожалығы өнимлери, дәрилик өсимликлер жетистириў көлемин көбейтиў, тоғай хожалықларында экотуризмди жедел раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы қарар менен тоғай хожалығы системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы, оны басқышпа-басқыш әмелге асырыў ушын «Жол карталары» тастыйықланды. Қарар тийкарында тоғай хожалығында илим ҳәм өндирис интеграциясын тәмийинлеў, илимий-изертлеў жумысларын хошаметлеў ҳәм халықаралық стандартлар дәрежесине сәйкес алдыңғы сырт ел тәжирийбесине ийе болған кадрларды таярлаў системасын жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы тоғай хожалығы комитети ҳәм районлардағы мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен ҳәзирги күнде тийкарғы итибар мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында «жасыл қапламалар» – қорғаў тоғайзарларын қурыў, сол арқалы аймақта ҳәзирги экологиялық жағдайды саламатландырыў, қоршаған орталықты қорғаў, халықтың турмысына унамсыз тәсирди және де жумсартыў жумысларына қаратылмақта.

Хожели мәмлекетлик тоғай хожалығы тоғай фонды улыўма майданы 153 мық 846,1 гектар болып, соннан тоғай менен қапланған майдан 1 мың 310 гектарды, суўғарылатуғын жерлер 52,7 гектарды, нәлханалар 32,7 гектарды қурайды.

Өткен жыллар даўамында Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Аралбойы аймақларында қум көшиўи ҳәм атмосфера ҳаўасына дуз-шаң көтерилиўин сапластырыў мақсетинде Мойнақ районында сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлеринен «жасыл қаплама»лар жаратылыўы тәмийинленди. Жергиликли халық ўәкиллери менен биргеликте шөл аймақларында «жасыл қаплама»лар жаратыў илажлары ушын сексеўил, қандим, қарабарақ, черкез сыяқлы терек ҳәм путалар туқымлары таярланып, нәлханалар шөлкемлестирилди. Арал теңизиниң қурыған ултанына сексеўил нәлинен 500 гектарда ҳәм туқымынан 2 мың 363 гектар майданда тоғай жаратыў жумыслары алып барылды.

Тоғай хожалығының нәлханасында жәми 25 түрдеги саяманлы ҳәм мийўели терек ҳәм дәрилик өсимликлер нәллери жетистирилмекте. Усы жылы 1 миллион 80 мың нәл жетистириў бойынша реже белгиленген болса, әмелде 2 миллион 153мың ҳәр қыйлы терек, пута ҳәм гүл нәллери жетистирилип, реже артығы менен орынланды.

– Тәжирийбе хожалығымыздың улыўма жер майданы 28 гектар болып, бул жерде ҳәр қыйлы терек, пута ҳәм гүл нәллери сондай-ақ, туқымлар жетистириледи,-дейди тоғай хожалығының басшысы Қуўанышбай Камалов. – Ҳәзирги күнде мәмлекетимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги нәл егиў мәўсимине Хожели ҳәм Тақыятас районларындағы 40 кәрхана, шөлкем ҳәм мәкеме менен шәртнамаға қол қойылып, жәми 66 мың нәл жеткерип берилди. Соңғы жыллары барлық аймақларда дәрилик өсимликлер шийки затын жетистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Өткен жылдан баслап тәжирийбе участкамызда годжи, лаванда сыяқлы дәрилик өсимликлердиң нәллерин жетистириў жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 5-майдағы «Суўғарылатуғын жерлерди самал эрозиясына ҳәм суў хожалығы объектлерин қум басыўына қарсы қорғаў терекзарларын жаратыў ҳәм реконструкциялаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бола, мелиорация объектлериниң әтирапында қум басыўына қарсы сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлеринде зүрәәтликти көбейтиўге қаратылған қорғаў терекзарлары қурылмақта. Суўғарылатуғын аўыл хожалығы егинлери атыз шетлеринде самал эрозиясынан қорғаў мақсетинде тоғай хожалығы 19 гектар майданында 38 мың түрли терек нәлинен қорғаў терекзарларын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Тоғай хожалығы тәрепинен жеке меншик секторлар менен биргеликте шарўашылықты раўажландырыў бойынша да жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги күнде хожалық есабында 52 бас, жеке меншик секторлар менен биргеликте 233 бас шарўа маллары бағылып, олардың бас саны 285 ке жеткерилди.

Буннан тысқары, жеке меншик секторлар менен биргеликте жәми 7 мың 440 бас таўық, тоғай фонды жерлеринде палҳәррешиликти раўажландырыў бойынша 1000 палҳәрре шаңарағы тәрбияланбақта. Сондай-ақ, 61 гектар майданда аўыл хожалығы өнимлери жетистирилип, жумысшы-хызметкерлерге ҳәм халыққа жеткерип берилди. Солардың есабынан мәмлекетлик тоғай хожалығы усы жылы 702 миллион сум қосымша дәрамат алыўға еристи.











«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде гүзги нәл егиў мәўсиминде тоғай хожалығы тәрепинен 66 мың түп түрли саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери жеткерип бериў жумыслары әмелге асырылды. Соннан Хожели районындағы мәҳәллелерге 5 мың 800 түп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 3 мың 720 түп, Тақыятас районы мәҳәллелерине 2 мың 800 түп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 2 мың 790 түп саяманлы нәллер бийғәрез жәрдем түринде бийпул жеткерип берилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар аймақта экологиялық жағдайды жақсылаў, Арал теңизиниң суўы қурыған ултаны ҳәм Аралбойы регионынан көтерилип атырған қум ҳәм шаң бөлекшелериниң унамсыз тәсирин азайтыў жумысларын избе-излик пенен даўам еттириў ҳәм глобал климат өзгерислериниң унамсыз тәсирин және де жумсартыў халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.


Даўыт Абибуллаев, Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет, видео),

Қарақалпақстан хабар агентлиги