Өзбекстанның жаңа тайынланған елшиси Абат Файзуллаев Италия президенти Сержио Маттареллаға исеним жарлықларын тапсырды.

«Дүнья» агентлигиниң хабарына бола, салтанатлы мәресим Италия президентиниң Рим қаласындағы рәсмий резиденциясы – «Квиринале» сарайында болып өтти.

Бөлип өткен сәўбет даўамынжа Сержио Маттарелла усы жылдың 9-11-ноябрь күнлери Өзбекстанға әмелге асырған рәсмий сапарын еске алды ҳәм сапар онда умытылмас тәсирлер қалдырғанын атап өтти.

Ушырасыў еки мәмлекет арасында стратегиялық сөйлесиўди алға қойыўдың жоқары әҳмийети тастыйықланды. Өзбекстан ҳәм Италияның сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў перспективаларынан нәтийжели пайдаланыўдан еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

Сөйлесиў жуўмағында Италия президенти Өзбекстанның бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасы ҳәм ол зыярат еткен Самарқанд ҳәм Хийўа қалаларындағы ески зыярат етиў орынларының тартымлылығын айрықша атап өтти.

Абат Файзуллаев усы жылдың октябрь айында Өзбекстанның Италиядағы елшиси етип тайынланды. Ол 2020-2023-жылларда Өзбекстанның Австриядағы елшиси болып ислеген, сондай-ақ, Венгрияда қосымша жүклеў тийкарында елши болған. Бир ўақыттың өзинде, Өзбекстанның Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Венадағы басқа да халықаралық шөлкемлер жанындағы турақлы ўәкили лаўазымында жумыс алып барған.

Абат Файзуллаев 2018-2023-жылларда Римдеги дипломатиялық ўәкилханаға басшылық еткен Отабек Акбаров орнына тайынланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги