МҚХ шегара әскерий бөлимине қараслы Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан әскерий бөлимлердиң биринде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлер, әскерий хызметкерлер арасында психологиялық тренинг болып өтти.

Тренингте психолог Зулайҳо Баймуротова әскерий хызметкерлер арасында бахытсыз ҳәдийселер, өз жанына қастыянлық етиў, стресстен қутылыў және оның алдын алыў, сезим-туйғыларды басқара алыў ҳаққындағы мағлыўматларға тоқтап өтип, турмыста ушырасып туратуғын ўақыялардан мысаллар келтирип, алдын алыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.




Тренинг даўамында әскерий хызметкерлер менен биргеликте ҳәр түрли психологиялық шынығыўлар орынланып, зәрүрли мәсләҳәтлер берилди. Бул тренинг қатнасыўшыларда унамлы тәсир қалдырыўы менен биргеликте психология тараўына тийисли түсиниклер алды.

Илаж жуўмағында бир қатар хызметкерлерге әскерий бөлим командири тәрепинен алғыснамалар тапсырылды.


Ҳ.Кдирбаева,

МҚХ Шегара әскерлери хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги