13-17-ноябрь күнлери Самарқандта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Шөллениўге қарсы гүресиў ҳаққындағы конвенциясының (UNCCD) орынланыўын көрип шығыў комитетиниң 21-сессиясы (CRIC21) өткерилди.

Орайлық Азияда дәслепки рет өткерилген илажға Конвенцияға ағза жүзден аслам мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлерден 1000 ға шамалас қатнасыўшы, жергиликли ҳәм сырт елли эксперт қатнасты.

Бес күн даўамында қатнасыўшылар жерди турақлы басқарыў, қурғақшылыққа шыдамлылықты арттырыў, аўыл хожалығында ҳаял-қызлардың жетекшилигин қоллап-қуўатлаў, жер деградациясы ҳәм оның алдын алыўға қаратылған илажларды қаржыландырыў ҳәм климаттың өзгериўине байланыслы мәжбүрий миграцияға қарсы гүресиўде стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыў бағдарындағы машқалалар ҳәм имканиятларды көрип шықты.

17-ноябрь күни конференция жуўмақлары бойынша брифинг өткерилди. Брифингте БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Шөллениў ҳәм қурғақшылыққа қарсы гүресиў бойынша конвенция () атқарыўшы хаткери Иброҳим Тиау, Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң биринши орынбасары Обиджон Қудратов, CRIC21 баслығы, Сербия денсаўлықты сақлаў институтының бөлим баслығы Билжана Килибарда, жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

UNCCD атқарыўшы хаткери Иброҳим Тиау Самарқанд басшылық еткен 21-сессиясы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм табыслы өткенин атап өтип, буның ушын Өзбекстан басшылығына миннетдаршылық билдирди.

– Самарқандтағы сессия көлеми, илажлардың көп екени ҳәм додаланған темалардың әҳмийетли екени менен есте қалатуғын болды, – деди Иброҳим Тиау. – Бул ретки сессия конвенция тарийхында бир қатар тәреплери менен тарийхый әҳмийет ийелейди. Атап айтқанда, биринши рет рәсмий бағдарламалар шөлкемлестирилди, қатнасыўшылардың саны бир мыңға шамаласты, илажларды ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы 1,5 миллиард инсан бақлап барды. Додалаўлар даўамында билдирилген пикирлер, усыныслар бизлерди тәшиўшке салып киятырған глобаллық машқалаларға шешим табыўға хызмет етеди.

– Конвенция қабыл етилгенинен берли биринши рет Орайлық Азияда оның орынланыўы бойынша сессия өткерлиўи тек ғана бул регион емес, ад пүткил дүнья халықлары ушын айрықша әҳмийетке ийе болды, – деди Билжана Килибарда ханым. – Бул, бәринен бурын, шөллениўге қарсы гүресиў, жер деградациясы бойынша конвенцияға ағза мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ўәкиллериниң өз-ара пикир алысыўы, биргеликте әмелге асырылатуғын илажларды белгилеп алыўы ушын гезектеги әҳмийетли қәдем болып есапланады. Итибарлысы, бул ретки сессия қатнасыўшылар санының көп екенлиги ҳәм өткерилген илажлар көлеминиң кең екени, жәмийетлик, сиясий ҳәм миллий шөлкемлерден ўәкиллер қатнасқаны менен есте қаларлы болды. Мәжилис ҳәм ушырасыўларда додаланған мәселелер, шақырыўлар да пүткил дүнья халықларының мәплерине, планетамызда климаттың өзгериўлери ҳәм буның ақыбетинде жүзеге келетуғын жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди. Ҳәр бир панель сессия бойынша шешимлерди улыўмаластырған ҳалда зәрүр усыныслар ислеп шықтық ҳәм олардан конвенция имплементациясында пайдаланамыз.

Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министриниң биринши орынбасары Обиджон Қудратов сессия шеңберинде шаң ҳәм қум боранлары бойынша жоқары дәрежели илаждиң өткерилиў ҳәм онда бул машқаланың глобаллық машқала сыпатында атап өтилиўи ең әҳмийетли ўақыялардан бири болғанын атап өтти.

– Бул илаж дүнья жүзинде шаң ҳәм қум боранлары машқаласы көтерилген дәслепки глобаллық илаж есапланады. Ҳәм бул илажға мәмлекетимиз биринши рет басшылық етти, – деди О.Қудратов.

Брифингте 2024-жыл декабрь айында Саудия Арабстанында болып өтетуғын Конвенция қатнасыўшыларының 16-конференциясында Өзбекстан тәрепинен алға қойылып атырған Шаң ҳәм қум боранлары бойынша Самарқанд декларациясының көрип шығылатуғыны билдирилди.

Ғолиб ҲАСАНОВ,

ӨзАның хабаршысы