Президент Шавкат Мирзиёев 18-ноябрь күни Ташкент қаласының Мырза Улығбек ҳәм Яшнабад районларына барып, спорт ҳәм транспорт инфраструктура объектлериниң қурылысын көзден өткерди, мәҳәллелердеги дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Олимпия қалашасындағы қурылыс процесслерин көзден өткерди.

Бизге белгили, 2025-жылы Жаслар арасындағы Азия ҳәм Параазия ойынлары елимизде өткериледи. Сол себепли Олимпия қалашасында бул жарыслар бағдарламаға киргизилген барлық спорт түрлери ушын шараят болады. Оның майданы 100 гектар. Тийкарғы имаратлар – 10 мың орынға ийе стадион ҳәм 2 мың тамашагөйге мөлшерленген велодром, суў спорты сарайы, жеке гүреслер ҳәм командалық ойынлар комплекси болып есапланады.

Сондай-ақ, 4 қабатлы ҳәкимшилик имараты, 15 ашық спорт майданы, жуўырыў жоллары, парклер қурылады. Улыўма етип айтқанда, қалашаның 54 процент майданы жасыл аймақ болады. Буның ушын 37 гектарда жасалма көллер жаратылады.

Жойбар 70 мәмлекетте спорт имаратларын қурған Қытайдың «САМС 3ng8n3348ng» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта.

Буннан бир жыл алдын, 9-ноябрь күни мәмлекетимиз басшысы бул қалашаның қурылысына ирге тасын қойған еди. Бүгинги күнде тийкарғы имаратлардың ирге тасын қойыў жумыслары толық орынланған. 5 комплекстиң конструкциялары тикленип, бой тиклеп қалған. Қурылысқа мыңға шамалас жумысшы ҳәм инженерлер, арнаўлы техникалар тартылған.

Мәмлекетимиз басшысы қалашаны эксплуатациялаў бойынша сырт ел тәжирийбесин енгизиў, қәўипсизлик илажларын көриў ҳәм қолайлықларды арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

– Азия ойынлары өткеннен кейин комплекслер босап қалыўы керек емес, халқымызға хызмет етиўи керек. Бул жерде шынығыўлар менен бирге спорт билимлендириўи, илими, медицинасы жәмлескен болыўы зәрүр. Яғный, бул орын мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кейин ала бул жерде Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, спорт федерациялары, Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы ҳәм басқалар да жумыс алып бара баслайды. Майданшаларда ўатанласларымыз да спорт пенен шуғылланыўы мүмкин болады.

– Келешекте бул қалаша менен балалар спорт мектеплерин де байланыстырыў керек. Ғалабалық спорттан профессионал спортқа отиў көпири бул, – деди Президент.

Қалашада Паразия ойынлары да өткерилгени себепли физикалық имканияты шекленген инсанлар ушын қолайлы жоллар ҳәм өз алдына секторлар шөлкемлестириледи.

Президентимиздиң усынысына муўапық, комплексте қайта тиклениўши энергиядан да пайдаланылады. Жыллық қуўатлылығы 10 мегаватт 56 мың квадрат мерт қуяш панеллери орнатылады.

Усы жерде Ташкент қаласы бойынша өткен жылы презентация етилген инвестициялық бағдарламаға муўапық, усы жылы иске қосылған жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, усы жылдың өткен дәўиринде ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 360 жойбар орынланып, жәми 20 мың жумыс орны жаратылған. Сондай-ақ, келешекте Янги ҳаёт районында 650 гектар майданда жаңа әўлад санаат зонасын шөлкемлестириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласында «Жаңа Өзбекстан» көшеси ҳәм 4R12 магистраль жолының кесилиспесинде қурылатуғын жол өткизгиш жойбары менен танысты.

Кейинги жылларда бул еки жолда қатнаў артты. Бостанлық ҳәм Паркент районларына барып атырған туристлер саны да алдынғы жылларға қарағанда бир неше рет көбейди, еле және артады. Сондай-ақ, бул кесилиспе келешекте Жаңа Ташкент қаласына алып баратуғын тийкарғы жол болады.

Усыларды есапқа алып, бул кесилиспеде транспорт байланысын қурыў мөлшерленген. Жойбарға бола, бул жерде 1 көпир, 3 туннель, төртеўден айланба ҳәм қосымша жоллар қурылады. Булардың есесине кесилиспе бирде-бир  светофорсыз – «жасыл кесилиспе» болады. Бул қолайлық нәтийжесинде айдаўшы ҳәм жолаўшылардың ўақты ҳәзиргиге салыстырғанда 20-30 минут үнемленеди, ҳәрекет қәўипсизлиги артады.

Президентимиз «Дослық – Қойлық» жерасты метросы түбинде қурылып атырған саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын да көзден өткерди. Жойбар шеңберинде бул жерде 36 саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшасы, спорт ҳәм балалар майданшалары, автомобиль туратуғын орынлар қурылады.

Жуўапкерлерге бул жерде қәўипсизлик илажлары ҳәм қадағалаўды тәмийинлеў, Ташкент қаласында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Мырза Улығбек районындағы Ҳабиб Абдуллаев мәҳәллесинде де болды.

Бул мәҳәлледе 4 мың 400 ден аслам халық жасайды. Аймақта елиўге шамалас саўда дүканлары ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта. 38 көп қабатлы турақ жай ҳәм төрт социаллық объектке «Мәдениятлы аймақ» басқарыў сервис компаниясы хызмет көрсетеди.

Халықтың мазмунлы дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Усы жылы аталар шәйханасы, амфитеатр, «Wi-Fi» зона қурылды, ишки жоллар ҳәм балалар майданшалары оңланды.

Жуўапкерлердиң итибары, халықтың аўызбиршилиги себепли аймақтың көриниси түп-тийкарынан өзгерди. «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде усы гүзде 2 мың түптен аслам саяманлы ҳәм мийўели нәллер егилди. Еки артизан қудық қазылып, жасыл майданларды суўғарыў системасы жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде район белсендилери, нураныйлар менен сәўбетлести. Олар өз мәҳәллелери абат болғаны, энергия тармақлары оңланып, қысқа пуқта таярлық көрилгенин айтты.

Президент энергияны үнемлеў, шаңарақлардағы ыссылықты қәстерлеп-сақлаў, ҳәр бир инсанда оған қолқатылмаслықты қәлиплестириў зәрүр екенин атап өтти.

– Дүнья жүзиндеги климаттың өзгерислери бизден алыста, деп болмайды. Өткен жылғы суўық соны көрсетти. Енди климаттың өзгериўин есапқа алып, дүньяға көзқарасымызды да өзгетиўимиз керек. Ҳәр бир пуқара «бул мениң үйим, мениң мәҳәллем, мениң районым, мениң Ўатаным» деп жасаса, нәтийже биз күткендей болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул мәҳәлле де қыс алдынан он трансформатор оңланды, электр сымлары алмастырылды. Көп қабатлы турақ жайларды кириў жоллары капитал оңланды, жаңа есиклер орнатылды. Турақ жайлардың жертөлесиндеги ыссылық қубырлары жаңаланды.

Мәмлекетимиз басшысына Чиланзар районына еткен сапары ўақтында берилген тапсырмаларға муўапық қысқа көрилген таярлық ҳаққында мәлимлеме берилди.

ӨзА