Президент Шавкат Мирзиёев усы жылдың 16-17-ноябрь күнлери аймақлар экономикасы, әҳмийетли социаллық бағдарламалардың орынланыўы менен танысыў мақсетинде Сурхандәрья ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күни Термиз қаласында қурылған Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасын барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 21-апрельдеги қарарына муўапық, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары шөлкемлестирилмекте. Бул олардың исбилерменлик жумысын баслаўы ҳәм алып барыўы ушын тийкар болмақта.

Термиз қаласының Тынышлық мәҳәллеси аймағында да усындай шараят шөлкемлестирилди. 2 гектар майдандағы имаратларда жәми 42 жойбар жайластырылды. Олар қурылыс материаллары, химия ҳәм нефть-химия, мебель қурылысы, азық-аўқат, тоқымашылық санаатына тийисли. Имаратларды сатып алыў, үскенелер алып келиў ҳәм өндиристи жолға қойыў ушын Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қорынан жеңиллетилген кредитлер коммерциялық банклер арқалы ажыратылады. Барлық кәрханалар иске қосылғаннан соң, 500 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жайластырылған кәрханалар өнимлерин көзден өткерди. Олардан бири анар шербетин қадақлап, қоңсы мәмлекетлерге экспорт етилмекте. Және бири кийим ҳәм гилем тоқыўды жолға қойып, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеген.

Президент бундай санаат зоналарын ўәлаяттың ҳәр бир районында қурыў, мәҳәллелерде өнерментшилик, кестешиликти кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Еки жыллық тәжирийбеден келип шығып, Сурхандәрьяда жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыллаў, оған 50 миллион доллар қаржы ажыратыў бойынша усыныс ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

– Ҳәзирги исбилермен жаслар – Жаңа Өзбекстан жемиси. Олардың билими де, умтылысы да жаңаша. Соның ушын санаат зоналарын жаслардың өзине бериў керек. Бул районлар ушын таяр «жойбарлар фабрикасы» болады. Жуўапкерлер тек ғана кәрханаларды инновацияға өткериўге, базарға шығыўға жәрдемлесиўи керек. Онда тийкарғысы – өзине түсер баҳа, сапа, бәсеки,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сондай-ақ, бул ўәлаят жасларының спортқа қәбилети зор екенлиги, бирақ олар шуғылланып атырған спорт түрлериниң шекленип қалғанлығы атап өтилди. Соның ушын Сурхандәрья жасларын спортқа тартыў бойынша қарар жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы белгиленди. Бул мақсетлерге 30 миллиард сум қаратылыўы нәзерде тутылмақта. «^шқызыл» суў сақлағышында байдарка ҳәм каноэда ескек есиў базасы шөлкемлестириледи.

Бул жерде жергиликли санаат өнимлери таныстырылды, инвестиция жойбарларының презентациясы өткерилди. Сурхандәрья ўәлаятында улыўма баҳасы 4 миллиард 600 миллион долларлық 82 инвестиция жойбары әмелге асырылмақта. Оның 4 миллиард доллары тиккелей сырт ел инвестициясы болып есапланады. Энергетика, химия, таў-кән, қурылыс материаллары, тоқымашылық ҳәм басқа да санаат тармақларындағы бул жойбарларда қосымша қунлы өнимлер, он мыңлаған жумыс орны жаратылады.

Термиз қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Сурхандәрья ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерилди.

Аймақ избе-из раўажланбақта. Алдында режелер, имканиятлар да көп. Атап айтқанда, 3 миллиард 300 миллион долларлық 4 жаңа ири санаат жойбары қәлиплестирилген. Олардың есабынан ўәлаят экономикасына жылына 6,5 триллион сум, бюджетине 1,6 триллион сум, экспортына 100 миллион доллар қосылады, 2 мың жоқары дәраматлы жумыс орынлары ашылады. Соның ишинде, Байсындағы дерлик 3 миллиард долларлық газ-химия комплексинде жылына 5 миллиард куб метр газ тазаланып, 6 триллион сумлық тәбийғый газ ҳәм алтын күкирт ислеп шығарылады. Ўәлаятқа жылына орташа 120 миллион долларлық экспорт түсими қосылады. Геология излеў жумыслары кеңейтилип, және 100 миллиард куб метр газ резервлери ашылады.

– Сурхандәрьяда жүдә үлкен экономикалық потенциал, жер асты ҳәм жер үсти байлықлары, мәрт, мийнеткеш халқы бар. Ҳәзирше бул имканияттың ярымынан да пайдаланылмай атыр. Шараят жаратып, жумыс орны, инвестиция, экспорт ҳәм түсимди еселеп арттырыў керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Соның ушын келеси жылы ўәлаятта 1,5 миллиард доллар инвестиция алып келип, санаатта 12 триллион сум өним ислеп шығарыў, экспортты 500 миллион долларға жеткерип, 100 миллион импорты қысқартыў ўазыйпалары көрсетип өтилди. 400 мың халықты бәнт етиў ҳәм район ҳәкимлериниң тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек екенлиги айтылды.

Ўәлаятқа инвестиция тартыў ҳәм санаатты раўажландырыўдағы ең үлкен резерв – бул кәнлерди иске қосыў екени атап өтилди.

Сарыасияда қорғасын, руўх, алтын ҳәм ақ мрамор, Байсын ҳәм Сарыасияда көмир, Шерабадта калий төгини резервлерин өзлестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди. Таўлы аймақларда геология-излеў жумысларын кеңейтиў ўазыйпасы қойылды.

Сурхандәрья өзиниң тәбийғый топырақ-климат шараяты менен ерте писер өнимлерди жетистириўде биринши орында болыўы мүмкин. Бирақ, өнимдарлығы жоқары туқым ҳәм нәл менен тәмийинлеўде машқалалар бар. Соның ишинде Аўыл хожалығы министрлигине 10 районда in vitro лабораторияларын шөлкемлестириў тапсырылды.

Келеси жылы атыз шетлеринде кептириў ҳәм сайлап алыў үскенелери сондай-ақ, 70 киши суўытқышлар орнатылады. 100 мың гектарда ықшам ыссыхыналар шөлкемлестирип, пияз, брокколи, розмарин, руккола, қызыл райхан, мята сыяқлы экспортқа қолайлы егинлер жетистириледи.

Ангор, Жарқорған, Қумқорған, Алтынсайда 6 сақлаў, кептириў ҳәм сайлап алыў орайы, Термиз районында Қубла Корея менен бирге 50 миллион долларлық логистика хабының шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Жиңишке талшықлы пахта 15 процентке шекем аз суў талап етеди ҳәм ерте писеди. Сонлықтан бундай пахта сортларының майданын 50 мың гектарға шекем кеңейтиў, оны қайта ислеўди 30 процентке жеткериў, молекуляр генетика ҳәм селекция бойынша биргеликтеги жойбар ҳәм заманагөй лаборатория шөлкемлестириўге тапсырма берилди.

Мәжилисте суў тамтарыслығы машқаласына да айрықша тоқтап өтилди. Сурхандәрьяда 80 процент жерлер насос арқалы суўғарылады. Суўдың өзине түсер баҳасы 2 есеге қымбатқа түспекте, жылына 20 миллион киловатт саат электр бийкарға жумсалмақта.

– «Суў тегин емес», деген идеяны халыққа терең сиңдириў, оны мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зиялылар ҳәм кең жәмийетшилик пенен бирге күнделикли турмыс қағыйдасына айландырыў керек,-деди Президент.

Жуўапкерлерге 47 каналды бетонлаў бойынша еки жыллық бағдарлама ислеп шығыў, суў жойтылыўы көп болған 6 аўын оңлаў бойынша тапсырма берилди.

Ўәлаяттың туризм потенциалы да жоқары. Бул жерде 600 ден аслам мәдений мийрас ҳәм туризм мәнзиллери бар. Ҳәзирги ўақытта «Далварзинтепа» естелигинде ашық аспан музейин шөлкемлестириў бойынша жумыс басланған.

Оны даўам еттирип, Байсындағы «Байбулақ», «Тесиктас» ҳәм «Мачай» үңгирлери, Узундара қаласын да сондай музейлерге айландырыў керек екенлиги атап өтилди. Шерабадтағы «Хатак» үңгири ҳәм Зараутсай қыятасына сырт ел илимпазларының экспедициясы тартылады. Сангардак сыяқлы және 10 мәҳәлле туризм аўылына айландырылады.

«Аманхана» санаториясы оңланып, қуўатлылығы кеңейтиледи. Және бир жаңа санаторий да қурылады. Байсын, Алтынсай, Сарыасия ҳәм Шерабадта аспа жолы, мийманхана ҳәм саўда хызметлерин шөлкемлестириў бойынша 200 миллион долларлық жойбарлар әмелге асырылады.

Мәжилисте социаллық мәселелерге де айрықша итибар қаратылды.

Кеселликлердиң алдын алыў ушын ҳәр бир мәҳәлле ҳәм кәрханаларда фитобарлар шөлкемлестириў, үй шараятында исленетуғын шынығыўлар бағдарламасы ҳәм саламат аўқатланыў менюсин ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

«Байсын», «Шалола», «Байшешек», «Булбули гуё» сыяқлы көркем әдебий жәмәәтлердиң халықаралық фестивальларда қатнасыўына жәрдемлесиў, дәстан ҳәм термелердиң «Алтын фонды»н жаратыў зәрүр екенлиги айтылды.

Сурхан жасларын спортқа тартыўды кеңейтиў бойынша айрықша қарар қабыл етилетуғыны белгиленди.

Мәжилис даўамында министрлер ҳәм ҳәкимлер, зиялылар, исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

Президент Шавкат Мирзиёев «Indenim Textile» кластериниң Термиз қаласындағы тоқымашылық кәрханасының жумысы менен танысты.

Бул кәрхана 2019-жылы иске қосылған болып, оның улыўма баҳасы 10 миллион доллардан аслам. Германия, Япония, Түркия ҳәм Қытай сыяқлы мәмлекетлерден келтирилген алдыңғы технология ҳәм үскенелер нәтийжесинде жылына 800 түрдеги 9  миллион кийим-кеншеклер ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылған.Олардың бир бөлеги экспортқа, тийкарғы бөлеги ишки базарға – «Indenim» дүканларына жеткерип берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин, өнимлерди көзден өткерди.

– Елимизде тоқымашылық шийки заты бар, өнимлер сапасы да жақсыланып бармақта. Тек ғана бизде дизайн мектеби жоқ. Ҳәзир дүньяда стиллер тез өзгермекте. Кийим кәрханаларымыз бәсекиге шыдамлы болыўы ушын дизайн мектебин раўажландырыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдарда кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, қәнигелерди Италия сыяқлы дизайн тараўы раўажланыған мәмлекетлерге тәжирийбе ушын жибериў бойынша көрсетпе берилди. Сондай-ақ, базарды үйрениў ҳәм прогнозластырыў, исбилерменлерге жәрдемлесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Кәрханада моноорай шөлкемлестирилген, жумысшылар алдын бул жерде оқытылады. Ҳәзирги күнде 800 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленген.

«Indenim Textile» кластериниң пахта жетистириў ҳәм қайта ислеў, ийирилген жип таярлаў, кийим ислеп шығарыў ҳәм сатыў шынжыры жаратылған. Оларда жәми 9 мыңнан артық  хызметкер мийнет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысына кәрхананың келешектеги режелери ҳаққында мағлыўмат берилди. Келешекте гезлеме тоқыў ҳәм бояў, кийим-кеншек ислеп шығарыў көлеми арттырылады. Оның ушын улыўма 55 миллион доллар инвестиция бағдарланады. Нәтийжеде және 10 мың жаңа жумыс орнының жаратылыўы күтилмекте.

Усының менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,
ӨзАның хабаршылары