Усы жыл 18-ноябрь күни Нөкис қаласындағы орайлық майданда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 32  жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда министрликлер, ҳуқық қорғаў уйымлары, әскерий хызметкерлер, жазыўшы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимни жақлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды мәмлекетимиз тарийхындағы қутлы сәне – елимиз байрағы ҳаққындағы Нызам қабыл етилгениниӊ 32 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ҳәр бир инсанды уллы ислерге баслаўда, жүреклерде миллий мақтаныш сезимлерин оятыўда мәмлекетлик нышанлардыӊ тутқан орны айрықша әҳмийетке ийе саналады. Жақсылық,  данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы түсиниклерди өзинде жәмлеген мәмлекетлик байрағымызды көздиң қарашығындай сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў ҳәр биримиз ушын ана Ўатанымыз алдындағы әдиўли парызымыз болып табылады. Елимиз байрағы астында халқымыздыӊ турмысында, инсанлардыӊ мәнаўий дүньясында үлкен өзгерислер менен жаӊаланыўлар жүз берип атырғанын айрықша атап өтиўимиз тийис,

Әсиресе, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда реформалардың тереӊлесип барыўы, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға қайырқомлық жәрдемлердиӊ көрсетилиўи, исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы жумыслардыӊ және де жеделлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселелериниң мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилиўи – булардың барлығы халқымызды турмыстан разы етиў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден саналады.

Бунан кейин “Қорақалпоғистон тонги” газетасының бас редакторы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист  Н.Матякубова, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Б.Эргашев мәмлекетимиз нышанларының елимиздиң раўажланыўында ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўдеги орнына тоқтап өтти.

Салтанатлы илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги