Қәдирли перзентлерим!

Бүгин өз билим ҳәм қәбилети, күш-ғайратын Жаңа Өзбекстанды қурыўшы, жанажан елимизге мүнәсип перзент болыў сыяқлы ийгиликли мақсетке бағышлаўға бел байлап атырған сизлер сыяқлы нәўқыран жасларды мектеп билимлендириўин табыслы тамамлап атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлайман.

Меҳрибан устазларыңыз ҳәм ата-аналарыңыз сизлерге ҳақ жол тилеп турған мине, усы қутлы күнде мәмлекетимиздеги барлық мектеплерде «соңғы қоңыраў»лар жаңлап, сиз сыяқлы мыңлаған жасларымыз үлкен өмирге жоллама алмақта.

Ҳақыйқатында да, бүгин сизлер үлкен имканиятлар берилетуғын пүткиллей жаңа турмыс босағасында турсыз. Бул жолда тынымсыз изленип, жаңа шеклерге талпыныў, жигерлилик ҳәм өзиңизге айрықша исеним сезими бәрқулла жолдасыңыз болыўы керек.

Ҳәмийше есиңизде сақлаң, ҳәр бириңиз өзине тән талант ийесисиз, оларды жүзеге шығарыў болса бәринен бурын өзиңизге, тынымсыз умтылыс ҳәм излениўлериңизге байланыслы.

Усы жерде, сизиң қатарыңызда оқыўын алтын ҳәм гүмис медальлар менен тамамлап атырған жүзлеген ул-қызларымыз бар екенин атап өтиў орынлы болып есапланады.

Кейинги жылларда Жаңа Өзбекстан жаслары ҳәр қыйла пәнлер, спорт, билимлендириў ҳәм әдебият тараўларында өзиниң терең билим ҳәм қәбилетин айқын көрсетпекте.

Турмыста жоқары шеклерди гөзлеп турған бундай жигерли ҳәм билимли перзентлеримизди елимиздеги миллионлаған ул-қызларымызға үлги етип көрсетсек, арзыйды.

Мәмлекетимизде нәўқыран әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, қәбилет ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўға оғада үлкен итибар қаратылмақта.

Себеби, жанажан Ўатанымыздың келешеги, оның тәғдири ҳәм раўажланыўы бүгин ҳақыйқый класс бөлмеси ҳәм аудиторияларда қунт пенен билим алып атырған жаслардың қолында. Олар ертең Өзбекстанды және де күшли, раўажланған ҳәм бахытлы мәмлекетке айландырыў ушын өзлериниң бар билимин, қәбилетин ҳәм күш-ғайратын жумсаса, гөзлеген мақсетлеримизге әлбетте, ерисемиз.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги көплеген заманагөй жоқары оқыў орынлары, қәсип-өнер мектеплери ҳәм техникумлар питкериўшилерди өз қушағына шақырмақта. Бул жерлерде олардың билим алыўды даўам еттирип, және де тереңирек билим алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Әзиз ул-қызларым!

Сизлер жанажан Ўатанымыздың абырайлы тарийхының бир бөлеги, өз мәденияты ҳәм дәстүрлерин әсирлер даўамында қәстерлеп сақлап киятырған уллы халықтың әўладлары, Жаңа Өзбекстанның үмити ҳәм сүйениши есапланасыз. Және бир мәрте атап өтип айтпақшыман, мәмлекетимиздиң ертеңги тәғдири, оның раўажланыўы сизлердиң қолыңызда.

Ҳеш қашан нийет етиўден тоқтамаң, үлкен мақсетлер жолында имканиятларыңызды сынап көриўден, бул жолда қәтелесиў ҳәм олардан сабақ алыўдан қорықпаң. Себеби, халқымыз сизлерге үлкен үмит ҳәм исеним менен қарамақта.

Сизлердиң жаңа идея ҳәм басламаларыңыз, нийетиңиз ҳәм күшиңиз тек ғана Өзбекстанды емес, ал пүткил дүнья жүзин өзгертиўи мүмкин. Соның ушын ҳәр қандай жағдай да өз алдыңызға қойған ийгиликли мақсетиңизден артқа шегинбең.

Ҳәр бириңиз устазларыңыз ҳәм ата-анаңыз кеўлиңизге сиңдирген қәдириятларға бәрқулла садық болып, халқымыздың бийбаҳа мийрасын және де байытыўға, елимиздиң жарқын келешегине үлес қосыўға умтылың.

Биз дүнья жүзине илим-ағартыўшылық, руўхый байлық жеткерип берген уллы инсанлардың әўладымыз. Оларға тән болған сийрек ушырасатуғын қәсийетлер, олар жаратқан дәстүрлер бүгин ҳәр биримиздиң кеўлимизде, сана-сезимимизде ҳәм турмысымызда жасамақта.

Буннан былай  биз мине, усы уллы ата-бабаларымыздың ҳақыйқый даўамшылары болған жигерли жасларымыздың жоқары руўхый ҳәм интеллектуаллық потенциалы, олардың дүньяны таң қалдыратуғын жетискенликлери менен де мақтаныш етиўге ҳақылымыз.

Өмирде жоқары нәтийжелерге ерисиў ушын тынымсыз ҳәрекет, күш-ғайрат ҳәм мәртлик талап етилетуғыны сөзсиз. Сизлердиң терең билим алыў, заманагөй кәсип-өнерлерди үйрениў арқалы Ўатанымызға мүнәсип перзентлер болып жетилисип, оның тәғдири ушын жуўапкершиликти өз мойныңызға алатуғыңызға исенемен.

Бул абырайлы жолда бәршеңизге бахыт ҳәм әўмет бәрқулла яр болыўын тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти