Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал – демократиялық  партиясының шөлкемлестирилгенлигине 20 жыл толыўы мүнәсибети менен “ӨзЛиДеП 20 жаста” атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешеге партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, қала ҳәм районлық Кеңеси хызметкерлери, депутатлар, партиямыздың  белсенди нураныйлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты кысқартыў ҳәм бәнтлик министри,  партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Сағындық Турманов партияның   шөлкемлестирилгенлигине 20 жыл толыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, өткен жыллар ишинде партия тәрепинен алып барылған жумыслар, ерисилген нәтийжелерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ӨзЛиДеП қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўының ҳәр бир дәўири мәмлекетимиз, халқымыз турмысындағы әҳмийетли процесслер менен байланыслы ҳалда өтти. Баслысы,  O’zLiDeP мәмлекет раўажланыўының ҳәр бир басқышында халықты ойландыратуғын, олардың мәплерине тийисли болған мәселелерге анық жуўап бере алатуғын идеялар, қараслар менен ортаға шықты.  Сол себепли дәслепки жылларда-ақ мәмлекеттеги жетекши партиялардан бирине айлана алды. Буны партияның өткен жигирма жыл даўамында бәрше сайлаўларда нәтийжели қатнасқанлығы сөзимиздиң дәлили болып табылады

Партия тәрепинен әмелге асырылып атырған системалы жойбарлар болса сол жыллар даўамында көплеген жаслар, ҳаял-қызлардың мәмлекетмиздиң сиясий, экономикалық, социаллық турмысында өз орнын табыўында, исбилерменлер ҳәм фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға көмеклесип келмекте.  Булардың бәршеси бүгинги күнге келип O’zLiDePти мәмлекетимиз жәмийетлик-сиясий турмысының ажыралмас бир бөлимине айландырды. Бүгин инсан мәпин тәмийинлеў жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген, хүкимет уйымларын халыққа жақынластырыў мәмлекет сиясатының тийкарғы ўазыйпаларынан бирине айланған бир дәўирде O’zLiDeP те халықтың ишине  тереңирек кирип барыўы, оларды, өз электоратын ойландырып атырған  машқалаларды шешиў бағдарында жәнеде белсенди ҳәрекет ете баслады. Бул болса партия тәрепинен нызамшылықты қәлиплестириў, депутатлық, жәмийетлик қадағалаў бағдарындағы жумысларды жәнеде жанландырыўда, халықты ойлап атырған машқалаларды шешиўге бағдарланғаны менен әҳмийетли.  Бүгинги күнде партия – мәмлекетимизди социал-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ўәкиллерин ҳуқықый жақтан қорғаў, қоллап-қуўатлаўды өз алдына мақсет ҳәм ўазыйпа ретинде белгилеп алған. Мақсет ҳәм идеялардың халыққа жақынлығы, мәмлекетимиз раўажланыўына хызмет етиўи менен партия парламент ҳәм Президентлик сайлаўларда нәтийжели қатнасты.

Әсиресе, усы жыллар даўамында  Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыў, исбилермен ҳәм фермерлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, оларды сиясий майданға алып шығыў бағдарында бир қатар унамлы ислерди әмелге асырдық. Бунда әлбетте партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаўда басланғыш партия шөлкемлериниң орны үлкен.

Басланғыш шөлкемлер партияның тийкарғы буўыны болып, орынлы усыныслар ең алды менен басланғыш партия шөлкемлеринде қәлиплеседи. Партия әйне  усы идеялар негизинде ағзаларды бирлестиреди. Бүгинги күнде партияның 88 мыңнан зыят  ағзасы болып, олар 1 минг 71 басланғыш партия шөлкемине бирлескен.

Партия ағзалары исбилерменлик, фермерлик, сондай-ақ халық хожалығының барлық тараўларында, илим, билимлендириў, медицина ҳәм басқа да салаларда нәтийжели хызмет алып бармақта. Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында Қарақалпақстан Республикасынан 3 депутат, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 14 депутат, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде 131  депутат өз хызметин алып бармақта.

Жақында қабыл етилген «Өзбекстан – 2030» стратегиясы мәмлекет раўажланыўының тийкарғы бағдарларын анық белгилеп берген дәстүрий ҳүжжет болды.   Оннан орын алған ўазыйпалар мәмлекетимиз қалаберсе оның ҳәр бир аймағы турақлы раўажланыўы, әҳмийетли тараўлар бойынша раўажланыў мақсетлерин өз ишине қамтып алған.    Оларды орынлаўда белсенди қатнасыў, жеке мүлк қол қатылмаслығын ҳәм исбилерменлик жумысының еркинлигин тәмийинлеў, исбилерменлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, партияның бәрше дүзилмелери ҳәм буўынлары жумысы усы мақсетлерге бағдарлаў бүгинги күнде O’zLiDeP алдында турған баслы ўазыйпалардан бирине айланған.









Байрам илажында партия белсендилери сөзге шығып, ерисилген нәтийжелер ҳәм партия алдында турған ўазыйпалар бойынша өз пикирлерин билдирип өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги