Термиз қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сурхандәрья ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша өткерилип атырған мәжилисте аймақта мәденият ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылған бир қатар ўазыйпалар да белгилеп алынды.

Соның ишинде, «Байсын», «Шалола», «Бай-шешек», «Чор-қарсак», «Булбули-гуё» сыяқлы көркем өнер жәмәәтлериниң халықаралық фестивальларда қатнасыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәденият министрлиги бақсышылық көркем өнериниң үлгилери, дәстан ҳәм термелердиң «Алтын фонды»н жаратады. «Домбыра» устаханасы ҳәм «Бақсылар ассоциациясы» шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, Сурхан жасларын спортқа тартыў бойынша бир ай мүддетте қарар жойбарын киргизиў, келеси жылы «Үшқызыл» суў сақлағышында байдарка ҳәм каноэда ескек есиў халықаралық спорт базасын шөлкемлестириў тапсырылды.

Мәжилис даўамында аймақлар ҳәм тармақлар, тийисли уйымлар басшыларының есабаты тыңланды.

ӨзА