Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелланыӊ сойлесиўлери жуўмағында еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыўға қаратылған Қоспа протоколы қабыл етилди.

Мәмлекет басшылары жанында Дипломатиялық паспорт ийелерин виза  тәртип-қағыйдаларынан азат етиў ҳаққында Ҳүкиметлераралық келисим ҳәм билимлендириў, пән, технология ҳәм инновациялар, спорт тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисимлерге қол қойылды.









ӨзА