Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдеги «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 7-сентябрьдеги  «Жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққындағы» пәрманлары менен жерлерди, әсиресе, суўғарылатуғын жерлерди сақлаў бойынша бир қанша концепция ҳәм ўазыйпалар белгилеп берилди.

Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы бөлими тәрепинен 2023-жыл басынан баслап октябр айы ақырына шекем, улыўма 175 жағдайда 3,30 гектарлық жер майданы пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен ийелеп алынғанлығы анықланды Бул бойынша тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, олардың ҳәр бирине ескертиў хаты берилди. Көрилген илажлар нәтийжесинде 60 жағдайда 1,31 гектарлық  өзбасымшалық пенен ийеленген 1,31 гектарлық  жер майданының қала ҳәкимлигиниң жер фондына қайтарылыўы тәмийинленди. Ал, 115 жағдайда, 1,98 гектарлық жер майданы бос жер фондына қайтарылыў шарасы көрилмекте. Буннан тысқары, 1,74 гектарлық  93 жағдай  бойынша судларға даўа арзасы киргизилди. Соның ишинде майданы 0,091 гектар 3 жағдай бойыншап топланған ҳүжжетлер прокуратура уйымларына  өткерилди.

Соның менен бирге, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы бөлими тәрепинен ҲЖтКниң тийисли статьялары менен 205 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке 1.446.900.000 сўм жәриймалар қолланылды.

Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы бөлими өз алдына қойылған мақсет ҳәм режелер тийкарында нызамсыз жер ийелеўлердиң алдын алыў жумысларын еледе даўам еттирмекте.

Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Нөкис қаласы бөлимине жыл басынан 9 ай даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден 86 мүрәжат келип түскен болып тийисли тәртипте үйренип шығылмақта.

А.УЗАҚБАЕВ,

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы

басқармасы Нөкис қаласы бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги