2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 9 айлық жуўмағының орынланыўына бола, ЖИӨ өсиўи өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5,8 процентти қурады.

Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары 98,8 триллион сумға орынланды. Мәмлекетлик бюджет жәми қәрежетлери 201,3 триллион сумды, соннан социаллық тараўларға қаратылған қәрежетлер 98,5 триллион сумды қурады. Бул жумсалған қәрежетлер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 18,3 процентке артты.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде Мәмлекетлик бағдарламаның 9 айдағы орынланыўын додалаў даўамында айтып өтилди.

Фракция ағзалары партия бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда бир қатар бағдарлардағы бюджет қаржылараның орынланыўына итибар қаратты. Мәжилисте атап өтилгениндей, жаслар машқалалары ҳәм мүрәжатлары менен ислесиўдиң жаңаша механизми енгизилип, жасларға «yoshlardaftari.uz» электрон платформасы, «1093» қысқа санлы колл-орайы ямаса мәҳәлле жетекшиси арқалы онлайн арза қалдырыў ҳәм мүрәжат жағдайы ҳаққында мағлыўмат алыў имканияты жаратылған. Есап бериў дәўиринде Жаслар жетекшилери жумысының жолға қойылыўы нәтийжесинде жаслар мүрәжатларын қөрип шығыў мүддети 30 күннен 5 күнге, жәрдем көрсетиў 40 күннен 16 күнге қысқартылыўына ерисилген. Жетекшилердиң усынысы тийкарында көрсетилетуғын жәрдем түрлери 11 ден 25 ке жеткерилген.

Додалаўларда сөз алған депутатлар бюджеттен ажыратылған ҳәр бир сум қаржыдан тежеп-тергеп, мақсетли пайдаланыў ҳәм белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында орынлаў ҳәм бул бағдарда қадағалаўды және де күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, фракция ағзалары 2024-жылғы Бюджетнаманы да додалап, бир қатар пикир-усынысларды ортаға таслады.

Муҳтарама Комилова, ӨзА