Қатар пайтахты Доха қаласында Азия футбол конфедерациясының  AFC Annual Awards жылдың ең жақсыларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Өзбекстан футбол ассоциациясы «Жылдың ең жақсы футбол федерациясы» номинациясында жеңимпазлықты қолға киргизди.

Соны атап өтиў керек, өткен дәўир ишинде Өзбекстан өз стадионларында Азияның футбол бойынша ҳәр қыйлы жарысларды өткерди. Соның ишиниде, тарийхта биринши рет U-23 ҳәм  U-20 Азия чемпионатлары, сондай-ақ, АФКға ағза ассоциациялар президентлери ҳәм бас хаткерлериниң конференциясы елимизде болып өтти.

Азия көлеминде өткерилген таңлап алыў ойынлары, клублар арасындағы турнирлер, ҳаял-қызлар футболы, CAFA жарысларында Өзбекстан футбол ассоциациясы өзиниң белсендилигин көрсетти.

ӨзФА бул номинацияда Иран футбол федерациясы ҳәм Япония футбол ассоциациясын артта қалдырыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы