Ҳәзирги күнде климат өзгериўи ҳәм экологиялық мәселелер пүткил дүньяны тәшўишлендирип атырған процесс болып есапланады. Глобал ысыў, климат өзгериўлери, жылдан-жылға күшейип атырған қурғақшылықтың тәсири ишимлик суўы менен байланыслы машқалаларда, айрықша, көзге тасланбақта. Мәмлекетимиз болса климат өзгериўи тәсирине көбирек бейимлескен мәмлекетлер қатарына киреди. Сол себепли Өзбекстан ҳүкимети бул машқалаларды бийпарўа бақлап отырғаны жоқ, әлбетте.

Соның ишинде, атмосфера ҳаўасына тасланып атырған шығындыларды азайтыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтсек, XX әсирге келип дүнья мәмлекетлеринде санааттың тез пәтлерде раўажланыўы, тәбиятқа келтирилген үлкен зыян, оның ресурсларынан надурыс пайдаланыў нәтийжесинде атмосфераға сансыз муғдарда ыссыхана газлери шықпақта. Бул болса климат өзгериўине, дүньяның ҳәр қыйлы мүйешлеринде, жылдың ҳәр қыйлы мәўсимлеринде температураның кескин өзгериўине, ҳәр қыйлы тәбийғый катаклизмлерге алып келмекте.

Пүткил жер жүзилик метеорология шөлкеминиң мағлыўматларына бола, ҳәзирги күнге шекем глобал ыссыллықтың орташа ҳаўа температурасы 1880-жылдағы дәрежеден 1 градусқа артқан. Өзбекстанда мине, усы дәўир ушын орташа жыллық ҳаўа температурасы 1,6 градусқа көтерилген-бизглобал масштабта бақланып атырған орташа темплерден көбирек «ысығанбыз».

Усындай бир жағдайда, мәмлекетимиз санаат кәрханаларынан атмосфера ҳаўасына жыллық санаат тасландыларының муғдары 2022-жылы 874 мың тоннаны қурады.

Тасландылардың 360,5 мың тоннасы – нефть ҳәм газ, 200 мың тоннасы – энергетика, 185,5 мың тоннасы – металлургия, 25 мың тоннасы – қурылыс ҳәм 103 мың тоннасы басқа тармақлар есабына туўра келеди.

Атмосфераға тийкарғы тәсир етиўши тармақлар ыссылық электр станциялары ҳәм цемент ислеп шығарыўшы кәрханалар болып есапланады.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде 12 ЫЭСлер, соның ишинде, көмирге қәнигелескен «Ангрен» ҳәм «Жаңа Ангрен» ыссылық электр станциялары жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, 36 цемент ислеп шығарыўшы кәрхана, 15 нефть ҳәм газди қайта ислеў ҳәм 4 металлургия санааты бар.

Ҳәзирги күнде санаат кәрханаларынан атмосфераға тасландыларды азайтыў мақсетинде Министрлер Кабинети тәрепинен арнаўлы бағдарлама қабыл етилген. Оның шеңберинде 2023-жылы белгиленген 145 санаат кәрханаларында 723 шаң-газлерди иркип қалыў үскенелерин оңлаў ҳәм жаңаларына алмастырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қоршаған орталыққа қәўиплилик дәрежеси жоқары ҳәм орташа болған жаңадан шөлкемлестирилип атырған кәрхана ҳәм шөлкемлер (соның ишинде, цехлар) ушын ислеп шығылған «Экологиялық ақыбетлер ҳаққында билдириў» (ЗЕП) жойбарлаў ҳүжжетлери тийкарында нәтийжелилик дәрежеси 99,5 проценттен аз болмаған шаң-газлерди иркип қалыўшы үскенелерди орнатыў тәмийинленбекте.

Транспортлардан шығындылар бойынша концепция шеңберинде жәмийетлик транспорттың кеминде 50 процентин газ-баллон жанылғы, электр ҳәм басқа да қолайлы жанылғы түрлерине өткериў мақсет етип алынған. Бул жүдә үлкен сан ҳәм егер бул көрсеткишке ерисилсе, автомобильлерден ҳаўаға келтирилип атырған зыян кескин азаяды. Ҳәзир республикамызда физикалық тәреплерге тийисли жәми 3 миллион 268 мың 480 автотранспорт қураллары пайдаланыўда болып, соннан 796 мың 34 и бензин, 71 мың 88 и дизель ҳәм 2 миллион 401 мың 348и газ жанылғысында ҳәрекетлениўге мөлшерленген.

Және бир мәселеҮ мәмлекетимизде ҳәрекетте болған автотранспортлардың 100 мыңы насаз автотранспортлар болып есапланады. Олардан атмосфераға жылына орташа 1,27 миллион тонна шығындылар шықпақта.

Республикамызда атмосфера ҳаўасына автотранспортлардан тасланып атырған шығындылардың муғдарын азайтыў мақсетинде бир жылда еки басқышлы «Таза ҳаўа» айлығы илажы өткериледи. Бул айлық даўамында 2022-жылы 295 мың транспорт қураллары тексерилген болса, усы жылы 300 мың транспорт қуралларын қадағалаўдан өткериў белгиленген.

Бундай қадағалаў илажлары даўамында газлерде патасландырыўшы элементлер белгиленген стандартларды қопал түрде бузған 3 мың 329 автотранспорт айдаўшыларына Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети хызметкерлери тәрепинен тийисли илажлар қолланылды ҳәм 2 мың 914иниң ҳәрекети ўақтынша тоқтатып қойылды.

Тексерилген автотранспорт қуралларының 1 мың 43и ямаса 2,2 процентинде қолланылған газлериниң патасландырыўшы элементлериниң муғдары орнатылған нормалардан жоқары екенлиги анықланған ҳәм бул жағдайды сапластырыў ушын автомобильлер техникалық хызметке қаратылған. Улыўма, Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, «Таза ҳаўа» айлығында анықланған кемшиликлерди сапластырыў есабынан жәми 209,232 тонна патасландырыўшы элементлер атмосфера ҳаўасына шығарылыўының алды алынған.

Бул сан мине, усындай илажлар ҳәм акциялар қаншелли әҳмийетли екенлигин анық көрсетип турады. Себеби қала ҳәм районларымызда автомобильлер саны турақлы түрде көбейип бармақта ҳәм бул процесс және даўам етеди.

Гулноза Бобоева, ӨзА