Өзбекстан ҳәм АҚШ Шавкат Мирзиёевтиң Вашингтонға сапары даўамында 4 миллиард долларлық келисимге қол қойыў нийетинде, деп жазады Spot сайтындағы Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэммниң мағлыўматына тийкарланып Vatandosh.uz.

Америка бизнес ўәкилиниң «Өзбекстан 24» телеканалына билдириўинше, келисимлер саўда, коммерциялық жумыслар, инвестициялық тараўларға байланыслы болады.

Лэмм еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң ең перспективалы бағдарлары, атап айтқанда, нефть-газ тармағы ҳәм реңли металлургия екенлигин айтып өтти.

Еслетип өтемиз, Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа рәсмий сапары 15-17-майға режелестирилген болып, тәреплер бир неше ҳүжжетлерге қол қойыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги