Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-октябрь күни туризм ҳәм мәденият орынларының имканиятын толық иске қосыў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарының гүзги мәўсимин шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, туризм экономика ушын қосымша ҳәм таўсылмас дәрек. Соның ушын ҳәр бир мәмлекет туристлерди тартыўға ҳәрекет етеди. Мәмлекетимизде бул тараўға кең имканиятлар жаратылып атырғаны нәтийжесинде мийман үйлери, саяхат орынлары ҳәм бағдарлары көбейип бармақта.

Өткен 8 айда елимизге сырт елден 4 миллион 300 мың турист келген, олардан 1 миллиард 400 миллион доллар түсим болған. Қосымша дем алыс күнлери ҳәм шегирме берилгени нәтийжесинде ишки туристлер саны 15 миллионды қурап, өткен жылғыға қарағанда 2 есеге өскен.

Туризм инфраструктурасы избе-из раўажланбақта. Усы жылы 15 мың жаңа мийман үйлери шөлкемлестирилип, олардың саны 137 мыңға жетти. 540 дем алыў ҳәм кеўилашар орын қурылды, 70 туризм маршруты ашылды.

Сондай-ақ, 6 жеке меншик авиакомпания жумыс баслады, жаңа 23 самолёт алып келинди, 20 халықаралық ҳәм 6 ишки қатнаў жолға қойылды. Самарқанд аэропортында ҳәптелик халықаралық рейслер 46 дан 85 ке көбейди. 1 мың 300 заманагөй автобус сатып алынып, 38 жөнелис ашылды.

Мәжилисте туристлерди көбейтиў бойынша жаңа имканиятлар додаланды.

Бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлерден, Россия ҳәм Қытайдан туристлерди тартыў ушын қолайлы имканият бар екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, елимиз ўәлаятлары Қытай провинциялары менен бирге ислесиў орнатқан. Оннан пайдаланып, аймақларымыздың туристлик потенциалын үгит-нәсиятлап, Қытайдан жылына 1 миллион туристти тартыў мүмкин екенлиги айтылды.

Елимизге узақ мәмлекетлерден туристлер келиўи де көбейген. Мысалы ушын, Ҳиндстан, Япония, АҚШ ҳәм италиялы туристлердиң саны 3-4 есеге артқан. Тек ғана Хорезмге Испаниядан 40 мың турист келген. Бирақ олар транзит арқалы келип атырғаны себепли артықша қәрежет жумсамақта. Егер Мадридтен елимизге авиарейс қойылса, туроператорлар туристлерди 4 есеге арттырыўға таяр екенлигин билдирген.

Соның ушын Транспорт министрлигине сырт елдеги елшилеримиз бенен бирге авиақатнаўларды көбейтиў илажларын көриў тапсырылды.

Жақында, 16-20-октябрь күнлери Самарқанд қаласында биринши мәрте Жәҳән туризм шөлкеминиң Бас ассамблеясының мәжилиси болып өтеди. Оған 128 мәмлекеттен 1 мыңнан аслам қатнасыўшы, соның ишинде, 79 туризм министри, 24 министр орынбасарының келиўи күтилмекте.

– Бул илаж мәмлекетимиздиң туризм потенциалын көрсетиў ушын жүдә үлкен имканият,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Соның ушын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан тараў ўәкиллерин тартып, ҳәр бир аймақтың тарийхы, тәбияты, мәденияты, зыяратлаў орынлары, аўқатлары, туристлик орынлары ҳәм маршрутларын көрсетиў, жойбарлар усыныс етип, келисимлерге ерисиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Туристлерди тартыў бойынша және бир үлкен бағдар бул – мәдений илажлар. Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан ҳәм айырым ўәлаятларда фестивальлар шөлкемлестирилген. Усы тәжирийбе тийкарында, қалған аймақларда да туристлерди тартатуғын мәдений илажларды көбейтиў тапсырмасы берилди.

Мәмлекетимиз басшысы мәмлекет имиджинде кино көркем өнериниң орнына айрықша итибар қаратты. Мәденият министрлиги ҳәм Кинематография агентлигине бул бағдарда көрсетпелер берилди.

«Жипек жолы» туризм халықаралық университети қәнигелериниң қатнасыўында сервис сапасы ҳәм тараў хызметкерлериниң қәнигелик ҳәм мәдениятын арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Орынлардағы сейил етиў орны ҳәм дем алыў бағларын жанландырыў, тематикалық туризм көшелерин шөлкемлестириў, көркем жәмәәтлерди кийим-кеншек ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәжилисте «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслар да көрип шығылды.

Елимизде бул ҳәрекет басланғанына 2 жыл болды. Бул дәўирде 1 мың 200 гектардан аслам жасыл бағ ҳәм жәмийетлик парклер, 1 миллион гектардан зыят жасыл аймақ ҳәм қапламалар қурылды. Улыўма, жәмийетте, жуўапкерлерде терек егиўге мүнәсибет өзгерди.

Енди 25-октябрьден 1-декабрьге шекем «гүзги терек егиў мәўсими» жәрияланады. Бул мәўсимде 85 миллион түп нәл егилиўи мөлшерленген.

Оның ушын Республикалық штаб дүзилип, оған Илимлер академиясы, Топырақтаныў ҳәм Тоғайшылық институтлары, тоғай хожалығы басшылары киргизиледи. Олар топырақты таллаў ҳәм климат шараяты тийкарында нәл түрин белгилеп береди.

Тоғай хожалығы агентлиги тәрепинен ҳәр бир мәҳәллеге 200 ден нәл бийпул жеткерип бериледи. Сондай-ақ, 15-октябрьден барлық район ҳәм мәҳәллелерде нәл ярмаркасы шөлкемлестириледи.

Нәл егиўде мәпдарлықты арттырыў мақсетинде автомобиль, темир жол, дәрья ҳәм каналлар бойы халық пенен исбилерменлерге шәртнама тийкарында жер категориясы өзгертилместен бөлип бериледи.

Бәнтлик министрлигиниң Жәмийетлик жумыслар қорының қаржылары буннан былай мәҳәллелердиң өзине бериледи ҳәм терек егиў, тәрбиялаў ҳәм тазалық илажларына бағдарланады.

Бизге белгили, ўәлаят, район ҳәм қалаларда абаданластырыў бөлимлери бар. Бул хызметлерди, тәжирийбе түринде, жеке меншик секторға бериў усынысы билдирилди. Онда ҳәр бир көше тереклери менен өз алдына лот етилип, бир жыллық қаржысы менен ашық таңлаўға қойылады. Жуўапкерлерге бул бағдардағы шәртлер ҳәм қаржыландырыў тәртибин ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тармақ ҳәм аймақ басшылары мәлимлеме берди.

ӨзА