Алдынырақ каноэ слаломында ескек есиў бойынша Өзбекстан командасы ағзасы Анвар Клевлеев Азия ойынларында алтын медальды қолға киргизгени ҳаққында хабар берилген еди.

Тилекке қарсы, төрешилер спортшымыздың медалын Қытай қатнасыўшысына «алып берди». Қытайлы спортшыға берилген жәрийма секундлары толық бийкар етилди ҳәм оның нәтийжеси 98,20 секундқа өзгертилип Хие Й (Қытай) онлайн кестеде биринши орынға көтерилди.

Қытайдан алынған жәрийма очколары финишке 96,63 секундта жетип келген Анвар Клевлеевқа 2 секунд жәрийма балы қосып берилди. Нәтийжеде Анвар 98,63 секунд пенен 2-орынға түсип қалды ҳәм Азия ойынларының гүмис медалы ийеси болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги