Ашхабад қаласында Дүнья түркменлери инсаныйлық бирлеспесининң XXIV конференциясы болып өтти.

Оған дүньяның 70 тен аслам мәмлекетинен ўәкиллер қатнасты. Конференция жуўмағында бирлеспе жумысларына қосқан салмақлы үлеси, түркмен халқының миллий мәденияты, әдебияты, тарийхын дүньяның басқа  халықларына  жеткериўдеги, дүнья түркменлери менен дослық байланысларды раўажландырыўдағы, ғәрезсиз, бийтәреп мәмлекеттиң сиясатын үгит-нәсиятлаўдағы хызметлери ушын, Түркменстан ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен бир топар қатнасыўшылар сыйлықланды. Олардың арасында Қарақалпақстан Республикасы Түркмен миллий мәдений орайының баслығы Режеп Авезов Дүнья түркменлери инсаныйлық бирлеспесининң Жоқары сыйлығы – “Инсаныйлыққа ҳүрмет” белгиси менен сыйлықланды. Сыйлықты бирлеспе Президенти, Түркмен халқының миллий жетекшиси  Гурбангулы Бердимухамедов салтанатлы жағдайда тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги