Apple презентациясында топ-менеджерлер тийкарғы итибарын смартфонларды оңлаўға қаратты. Олардың пикиринше, iPhone 15 Pro ҳәм 15 Pro Maxтеги бузылған бөлеклерин алмастырыў аңсатырақ болады. Портал авторлары жаңа қурылмаларды оңлаў баҳаларын үйренип, шықты ҳәм флагманларды оңлаў негизинде азырақ қәрежет жумсалатуғынын атап өтти.

АҚШта iPhone 15 Pro ушын арқа айнаны алмастырыў 169 доллар, iPhone 15 Pro Max 199 долларға баҳаланған. Салыстырыў ушын, iPhone 14 Pro ҳәм 14 Pro Max ушын усыған уқсас оңлаўлар сезилерли дәрежеде қымбатырақ – сәйкес түрде 499 ҳәм 549 доллар. Смартфон сатып алып атырғанда AppleCаре+ кеңейтилген кепиллик пакетин сатып алыў абзал, себеби оның менен бирге арқа панелди алмастырыў 29 доллар турады.

Бирақ дисплейди оңлаў баҳасы сол турысында қалмақта. Солай етип, iPhone 14 Pro экранын алмастырыў 329 долларға, iPhone 14 Pro Max болса 379 долларға баҳаланады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги