20-сентябрь күни Бишкек қаласында Қырғыз Республикасы Президенти Администрациясы, Мәмлекетлик тилди раўажландырыў комиссиясы ҳәм TURKSOY халықаралық шөлкеминиң шөлкемлестириўи менен «Түркий тиллес мәмлекетлердиң халықаралық биринши тил форумы» өз жумысын баслады.
Оған дүнья жүзиндеги түркий тиллес халықлардың ең белгили тюрколог илимпазлары қатнаспақта. Форумда қатнасыўшылар тәрепинен түркий тиллес халықлардың бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелери додаланады.
Форумға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры Шәмшетдин Абдиназимов та мирәт етилген ҳәм белгили илимпазымыз «Ғәрезсизлик жылларында қарақалпақ тилиниң раўажланыўы» деген темада кең түрде баянат жасады.
Алымның жасаған бул баянаты форум қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятып, жақсы тәсирлер қалдырды.
Бишкекте өткерилип атырған бул форум 22-сентябрьге шекем даўам етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы