Спорт гүреслери бойынша Сербия пайтахты Белград қаласында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында бүгин 4 палўанымыз жарысқа түсти.
Бирақ, олардың төртеўи де өз қарсыласларынан жеңилиске ушырады. Атап айтатуғын болсақ, 57 кг салмақта Лайлохон Собирова болгариялы Евелина Георгиеваға 3:8, 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева грециялы Мария Преоларакиге 1:2, 62 кг да Арыўхан Жумабаева япониялы Сакури Мотокиге 0:10, 68 кг да Феруза Есенбаева колумбиялы Николль Паррадоға 0:5 есабында жеңилип қалды.
Усы спортшылар арасында, тек ғана Арыўхан Жумабаева япониялы Сакура Мотоки финалға шекем жетип келгени ушын, өтиў беллесиўинде қатнасыў ҳуқықын сақлап қалды.
Спортшымызға ертеңги беллесиўлерде әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы