Усы жыл 20-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң илимий хызметкерлери менен ушырасты.
Онда республикамызда илим тараўын буннан былай да раўажландырыў, жаңа инновациялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў, бул бағдарда ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, сондай-ақ, алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў мәселелери сөз етилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында илим тараўын раўажландырыўға, илимпазларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, илимий-изертлеў жумыслары ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатланып атыр, бир қатар инновациялық орайлар, илимий кластер ҳәм технопарклердиң жумысы жолға қойылды. Усылардың қатарында Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлимине 2 миллион 200 мың АҚШ доллары муғдарындағы заманагөй химиялық излертлеўлерди алып баратуғын сырт ел үскенелери орнатылды. Соның ишинде, Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақ тәбият илимлери илим изертлеў институтында капитал-оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын Инвестиция бағдарламасы шеңберинде 15 миллиард 531 миллион сум қаржы ажыратылды.
Ушырасыўда усы сыяқлы жаратып берилип атырған бир қатар имканиятларға қарамастан тараўда орын алып атынған айырым кемшиликлер атап өтилди.
Илаж соңында көп жыллар даўамында жемисли мийнет етип келген бир қатар илимпазлар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги