Усы жылдың 18-сентябрь күни Москва қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Россия Федерациясы ҳүкиметиниң баслығы Михаил Мишустин басшылығында Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги қоспа комиссияның IV мәжилиси өткерилди.

Онда еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў ҳаққында, атап айтқанда «Рус мәўсимлери» халықаралық мәдений жойбары ҳәм Ташкент қаласында Пүткилроссия мәмлекетлик кинематография институты филиалының жумысы ҳаққында да сөз болды.

Ташкент қаласындағы Пүткилроссия мәмлекетлик кинематография университети филиалының директоры Элдор Йўлдошев бул мәжилисте филиал жумысының жоқары баҳаланғанын атап өтти.

– Мәжилисте Абдулла Арипов филиалда шеберлик сабақлары табыслы өткерилип атырғанын атап өтти. Усы жылдың 29-сентябрь – 2-октябрь күнлери өткерилетуғын «Жипек жолы дүрданасы» XV Ташкент халықаралық кинофестивалы шеңберинде ПМКИ филиалында әмелий шеберлик сабағы дәстүрий тәризде болып өтеди. Кинофестивальдың ағартыўшылық бағдарламасында Россия Федерациясы халық артисти Владимир Хотиненко, Россия Федерациясы халық артисти Алексей Учитель, кинорежиссёр Александр Котт, көркем өнертаныў илимлериниң кандидаты, оператор Татьяна Яковлевва, продюсер Ренат Давлетяров ҳәм «Анимация ҳәм мультимедиа» факультетиниң деканы Элена Яременколар қатнасады. ПМКИ өзбек киносын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе тийкарғы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады. ПМКИ атамасындағы, «Дўстлик» ордениниң ийеси Владимир Малышев өзиниң «Өзбекстан кинематографиясы ҳәм ПМКИ» атлы китабында биринши өзбек фильмлери ПМКИ  муғаллими Н.Кладко ҳәм А.Гинзбург себепли жаратылғанын атап өтеди. ПМКИдиң Өзбекстандағы бул жумысы өзбек киносы ушын профессионал кадрлар таярлаўдың кейинги процесине унамлы тәсир көрсететуғынына исенимим кәмил, – деди Э.Йўлдошев.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА