Гүз мәўсими дийқанлардың жыл бойы ислеген мийнетиниң жемисин көретуғын дәўир есапланады. Сонлықтан атайы дийқанлар бул мәўсимниң ҳәр бир ашық-жарық күнлеринен нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етеди.

Шымбай районының фермерлери де «алтын гүз»диң ғәниймет күнлеринен өнимли пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Жақында район ҳәкимлиги ҳәм бир қатар тийисли шөлкем басшыларының шөлкемлестириўи менен фермерлерге жәрдемге келген көмекшилердиң мийнетин мүнәсип түрде хошаметлеў мақсетинде, Қамысарық АПЖ аймағындағы «Абаданова Дәриха» фермер хожалығында теримшилер арасында «Ең шәпик қоллы теримши» жарысы болып өтти.

Онда 158 кг пахта терген Қаракөл мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Қ.Пирданова биринши орынды ийелеп, телевизор менен сыйлықланды.

Ал, 2-3-орынды  149 ҳәм 138 кг  пахта терген Қамысарық аўыл  пуқаралар жыйыны турғыны М.Алимбетов ҳәм Пашенттаў аўыл пуқаралар жыйыны турғыны  Д.Мадиреймовалар  ийелеп, заманагөй үй руўзыгершилик буйымларын қолға киргизди.


Жарыс соңында, район ҳәкимлиги ҳәм тийисли шөлкем басшылары шығып сөйлеп, фермерлерге көмекке келген теримшилерге өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди ҳәм бундай жарыслар еле де даўам ететутуғынлығы ҳаққында айтып өтти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы