Нөкисте “Арал теңизи регионында турақлы раўажланыў мақсетлерин (БРМ) локализациялаў” темасында қоспа семинар болып өтти.

БМШның Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан ҳүкиметлери менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда атап өтилгениндей, турақлы раўажланыў мақсетлери локализациясы дегенде турақлы раўажланыў мақсетлерин аймақлық дәрежеде әмелге асырыў процеси түсиниледи. Бул оларды жергиликли талапларға бейимлестириў арқалы жуўапкершилик ҳәм белсендиликти арттырыўға жәрдем береди, сиясаттың избе-излигин тәмийинлейди. Сондай-ақ, мағлыўматларды жыйнаў ҳәм  мониторинг системаларын жақсылап, мәпдар тәреплердиң қатнасын хошаметлейди.

Илажда сондай-ақ, Арал теңизи бойынша Траст  фонды тәрепинен 2023-жылға шекемги Арал теңизи талапларын  баҳалаў  нәтийжелери усынылды. Онда жыл басынан берли өткерилген кең көлемли изертлеўлерде анықланған турақлы раўажланыў мақсетлери менен турмыслық байланыслары көрсетилди.

Арал теңизи бойынша Траст фонды шеңберинде биргеликтеги ҳәрекетлер бес регионда денсаўлықты сақлаў системасын жақсылаўға, тийкарғы инфраструктураны реформалаўға, аўыллық жерлерди санластырыўға, жумыс орынларын жаратыў ҳәм олардың дәраматларын арттырыў арқалы жаслар менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға  жәрдем берилгенлиги атап өтилди. Арал теңизи регионы ҳәзирги ҳәм келешек әўладқа пайда келтиретуғын нәтийжели климат өзгериўи инновацияларын енгизиў аймағына айланыўы тийис. Усы көз-қарастан қарағанда, бундай илажларды турақлы өткериў әҳмийетли мәселелер ҳәм оларды шешиў жоллары туўралы хабардарлықты арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Арал теңизиниң апатшылығы менен байланыслы социаллық, экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларға жуўап ретинде 2018-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми  тәрепинен  Норвегия ҳүкимети, Европа Аўқамы, Финляндия, Корея Республикаси, Германия ҳүкиметлери ҳәм Alwaleed Philanthropies қайырқомлық фондының жәрдеминде Өзбекстан ҳүкимети менен биргеликте Арал теңизи бойынша Траст фонды шөлкемлестирилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми  ФAО, БМШРБ, ЮНИCЕФ, ЮНФПA, ЖДСШ, ЮНОПС, ЮНОДC ҳәм ЮНЕСКО сыяқлы сегиз қатнасыўшы шөлкемниң түрли қоспа бағдарламасы тийкарында БМШ турақлы аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм қоршаған орталықты тиклеўге қаратылған илажларды әмелге асырды.

– 2030-жылға шекем күн тәртибин әмелге асырыўдың усы аралық басқышында бар машқалаларды шешиў ушын қыстаўлы илажлар көриўимиз кереклиги анық, – дейди БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Консуело Видал. – Миннет, бирге ислесиў ҳәм өзгертиў илажларын сезилерди дәрежеде асырмастан, биз турақлы раўажланыў мәселелерине, атап айтқанда, қашқынлықты азайтыў, теңсизликтиң алдын алыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге ерисе алмаслығымыз қәўпи бар.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги