Өзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында AGRO EKSIM GOLD жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры, палатаның белсенди ағзасы Серикбай Рахметовтиң басқарманың Business Compass волонтёрлық клубының ағзалары ҳәм жас исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.

Онда С.Рахметов исбилерменлик бойынша 28 жыллық тәжирийбеге ийе екенлиги, Иран технологиялары негизинде гидропоника усылы менен палыз өнимлерин жетистириў тәжирийбеси менен ортақласты.

Ҳәр жылы ыссыханаларда жетистирген палыз өнимлерин Россия, Әзербайжан ҳәм Қазақстан Республикаларына экспорт етеди. Ол бүгинги күнде ҳәр жылы гектарына 250 тоннаға шекем өним алыў мүмкиншилигине ийе. Соның менен бирге, бизнес тараўында ушырасқан қыйыншылықлар  ҳаққында да айтып өтти.

– Дәслепки жылларда кәрханада тек ғана 3 жумысшы менен жумыс  баслаған болсам, ҳәзирги күнде 360 тан аслам, тийкарынан жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды турақлы жумыс пенен тәмийинледим,-дейди исбилермен С.Рахметов. -Бизнесимди жоқары процентли кредит алып баслағаным ушын қаржы мәселесинде көп ғана қыйыншылықларға дус келдим… Усы жылы 8–август күни Президентимиз тәрепинен қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы пәрманы мениң ушын да күтилмеген жаңалық болды. Себеби, бундай имканиятлар алдын болған емес. Бүгин қыйыншылықлар артта қалды. Исбилермен ҳәзирги күнде жетистирген палыз өнимлериниң 70 процентин экспортқа, қалған 30 процентин ишки базарға жеткерип береди.

Тәжирийбели исбилерменниң мийнетлери жоқары баҳаланып, Серикбай Рахметов Президентимиз тәрепинен “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Ушырасыў соңында қатнасыўшылар ыссыханаларда өним жетистириў, сол арқалы жоқары дәраматқа ийе болыў сырлары бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги