Тәжикстан Республикасының Душанбе қаласында Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлар сөйлесиўиниң гезектеги мәжилиси болып өтеди. Онда «Орайлық Азияда климат өзгериўине бейимлесиў шараятында гендер теңликке ерисиў» темасы додаланады. Бул әҳмийетли илажда Өзбекстан делегациясы да қатнасады.

Сапар шеңберинде делегация басшысы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Танзила Норбоева Тәжикстан Республикасы Мажлиси милли Мажлиси Оли баслығы Рустам Эмомали менен ушырасты.

Ушырасыўда тәреплер еки мәмлекет ўақыт сынағынан өткен ең жақын қоңсы ҳәм исенимли шерик екени, халықларымызды улыўмалық тарийх, дин, мәденият ҳәм дәстүрлер бирлестирип туратуғынын, көп әсирлер даўамында қәлиплескен дослық, бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары ҳәзирги күнде де избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

Дослық руўхындағы сәўбетте еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеўге айрықша итибар қаратылып, Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди және де кеңейтиў, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, әсиресе, парламентлераралық қарым-қатнасты нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Еки мәмлекет парламенти жоқары палаталары арасында дүзилген дослық топарлары жумысын және де жеделлестириў бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетлеримиз арасындағы саўда – экономикалық бирге ислесиў беккемленбекте. Соңғы бес жылда Өзбекстан ҳәм Тәжикстан саўда-экономикалық байланыслары динамикасы жедел пәтлерде артып бармақта. Жақын келешекте өз-ара товар алмасыў көлемин 1 миллиард долларға жеткериў бойынша нызамшылық дәрежесинде биргеликтеги жумысларды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында мәдений-гуманитарлық тараўдағы өз-ара бирге ислесиўдиң жоқары дәрежеси тән алынып, биргеликтеги мәдений илажлар, соның ишинде, зиялылардың еки тәреплеме форумларын, көркем өнер шеберлериниң биргеликтеги концерт ҳәм гастролларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, «зиярат туризми»н раўажландырыў бойынша нәтийжели илажлар көриўге келисип алынды.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Тәжикстан Республикасы Мажлиси милли Мажлиси Оли арасында бирге ислесиў ҳаққында Келисимге қол қойылды.

Онда парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы бойынша биргеликтеги парламентлик мониторингти әмелге асырыў, халықаралық парламент структуралары шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў мәселелери сәўлеленген.

Сондай-ақ, жоқары дәрежедеги сапарлар ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў үстинен биргеликте мониторинг алып барыў механизмин жетилистириў, парламент жумысы тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў, шегаралас ўәлаятлар ҳәм районлардың депутатлары арасында қатнасықларды жолға қойыў бойынша «Жол картасы»ни слеп шығыў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА