2023-жыл 13-сентябрьдеги ПП-159-пәрманы менен Президенттиң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Соған муўапық, Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Өзбекстан Президенти мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Бажыхана комитети ҳәм Электрон технологияларды раўажландырыў орайының Ўатанды қорғаў ҳәм ел-халықтың тынышлығы жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм жумысшылардың шаңарақ ағзалары (ата-анасы, қайтыс болған ўақытта нызамлы некеде болған өмирлик жолдасы ҳәм перзентлери) мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетилетуғын жеңиллетилген категориядағы шахслар дизимине киргизилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Қураллы Күшлеринде хызмет ўазыйпаларын орынлаў ўақтында дене жарақатын алған әскерий хызметкерлерге ямаса қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына бир мәртелик напақа тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы режеге киргизилген қосымшаға бола:

Әскерий хызметкер Ўатанды қорғаў ҳәм ел-халықтың тынышлығы жолында қайтыс болғанда, оның шаңарақ ағзаларына мархумның тийкарғы ийелеген лаўазымы бойынша мийнет ҳақысы (жоқары әскерий-билимлендириў мәкемесиниң курсанты, тыңлаўшысы стипендиясы) ҳәм әскерий (арнаўлы) атағы мийнет ҳақысы жыйындысының 150 есеси муғдарында напақа тайынланады.

Бул напақа 2023-жыл 1-апрельден кейинги дәўирде қайтыс болған әскерий хызметкердиң шаңарақ ағзаларына төленеди.

ӨзА