“Темир дәптер” — социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр ҳәм сектор басшылары тәрепинен айрықша қадағалаўға алынған шаӊарақларды белгилеў, машқалаларды анықлаў, сапластырыў ҳәм қадағалаў алып барыў бойынша мағлыўматлар базасы есапланады.

“Темир дәптер”ге кем тәмийинленген шаӊарақ деп тән алынған, социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған ағзасы бар шаӊарақлар, кем тәмийинленген жалғыз баслылар ҳәм нураныйлар, бағыўшысын жоғалтқан,жәрдемге мүтәж болған шаӊарақлар, көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық жәрдемге мүтәж шаӊарақлар, мийнетке жарамлы жумыссыз ағзалары бар болған жәрдемге зәрүр шаӊарақлар, медициналық жәрдемге мүтәжлиги болған шаӊарақлар, турақ жай емес орынларда жасаўшы, өзи ямаса биргеликте жасаўшы шаӊарақ ағзаларыныӊ атында турақ жай болмаған мүтәжлиги болған шаӊарақлар киргизиледи.

Онда егер жоқарыдағы талапларға сәйкес келетуғын шаӊарақлардыӊ ағзалары сәйкес түрде “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не де киргизилген болса, бул шаӊарақлардыӊ дизими “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”нде де жүргизиледи.

“Темир дәптер”ге киргизилген шаӊарақлар төмендеги себеплер менен ғана усы дәптерден шығарылыўы мүмкин:

–бәнтлиги тәмийинленген ямаса турақлы дәрамат дәрегине ийе болғанда;

–бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў арқалы машқаласы шешилгенде шаӊарақ ағзасыныӊ келисими менен;

–маман медициналық хызмет көрсетилгенде;

–толық мәмлекет тәмийнатына алынғанда;

–анықланған басқа машқалалары нызамлы түрде шешилгенде;

–жалғыз жасаўшы жәрдемге мүтәжлиги болған пуқара еркинен айрылғанда ямаса қайтыс болса;

–шаӊарақ ағзаларыныӊ мүрәжатына тийкарланып;

“Темир дәптер”ге нызамсыз киргизиў жағдайлары анықланғанда;

басқа мәмлекетлерге турақлы жасаў ушын шығып кеткенде.

“Темир дәптер”ге киргизилген шаӊарақлардыӊ перзентлерине биринши оқыў жылы ушын контракт пулы төлеп бериледи.

“Темир дәптер”ге еки ҳәм оннан артық мәселелерин шешиў ушын киргизилген шаӊарақлардыӊ барлық мәселелери толық шешилиўи дәптерден шығарыў ушын тийкар болады.

 

                                                                                                                                             И.Қаҳҳорова, ҳуқықтаныўшы,

ӨзА