Сенат кенгашиниң мәжилисинде Жәҳән банкиниң «Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам» индексинде Өзбекстан Республикасының орнын жақсылаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Бул индекс Өзбекстан Республикасы ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер дизимине киргизилген.

Индекстиң 2021-жылғы нәтийжелерине бола, мәмлекетимиз биринши рет ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик бойынша әҳмийетке ийе реформаларды әмелге асырған 27 мәмлекет қатарына киргизилген. Яғный, 70,6 балла менен 5 текшеге көтерилип, 190 мәмлекет арасынан 134-орынды (2019-жылы 139-орын) ийелеген.

Бирақ, кейинги еки жылда бул көрсеткиш өзгериссиз қалған.

Индексте Өзбекстанның позициясын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги және оның жанындағы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң мәлимлемелери тыңланды.

Өзбекстан ушын тийкарғы халықаралық рейтинглер бойынша нәтийжелиликтиң ең әҳмийетли көрсеткишлери (KPI)не бола, Индексте мәмлекетимиз 2021-жылы 73,7 балл ҳәм 2022-жылы 88,1 балл жыйнаўы белгиленген. Бирақ, бул көрсеткишлерге ерисилмеген.

Мәжилисте турақлы төмен баҳаланып киятырған структуралық  индикаторларда мәмлекетимиз көрсеткишлерин жақсылаў мақсетинде илажлар белгилеп алынды.

Атап айтқанда, индекс пенен ислесиўде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, есабатты дүзиўде қатнасатуғын халықаралық шөлкемлер ҳәм жергиликли экспертлер менен сөйлесиў, сондай-ақ, миллий нызамшылықты жетилистириў сыяқлы бағдарларда илажлар тастыйықланды.


Н.Абдураимова, ӨзА