2023-жыл 11-сентябрьде Президентимиздиң «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Усы тийкарда тастыйықланған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы бес тийкарғы бағдар бойынша жүз әҳмийетли мақсетти өз ишине қамтып алған.

ӨзЛиДеП Сиясий кеңесиниң атқарыў комитети ҳәм партияның Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы фракциясының қоспа мәжилисинде Стратегияның орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

– «Өзбекстан – 2030» стратегиясында турақлы экономикалық өсиў арқалы дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарынан орын алыў, халық талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў, халық ушын қолайлы экологиялық шараятларды жаратыў, халыққа хызмет етиўи шәрт болған әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў, мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин кепилликли тәмийинлеў сыяқлы идеялар сәўлеленген, – деди ӨзЛиДеП Сиясий кеңеси атқарыў комитетиниң баслығы Актам Ҳаитов. – Атап айтқанда, келеси жети жыллықта экономика көлемин еки есеге арттырыў, медициналық жәрдемге мүтәж халықтың 70 процент мүрәжатларын басланғыш буўынының өзинде шешиў, кәмбағаллықты еки есеге азайтыў, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин жүз процентке жеткериў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Стратегияда белгиленген мақсет-ўазыйпалар Турақлы раўажланыў миллий мақсетлерин әмелге асырыў ушын өзине тән «жол картасы» ўазыйпасын өтейди. Бул стратегияны әмелге асырыў ҳәм оның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ең тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады.

Қоспа мәжилисте шығып сөйлегенлер Стратегияда өз көринисин тапқан бир қатар бағдарларға тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, тек ғана аўыл хожалығында өнимдарлық ҳәм рентабельлик дәрежесин кескин арттырыў бағдарында белгиленген ўазыйпаларға бола, келешекте аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў көрсеткишиниң 25 проценттен жоқары болыўы тәмийинленеди. Аймақларда 2,5 миллион тонна қуўатлылыққа ийе болған жүз жаңа агрологистика орайларының жумысы жолға қойылады ҳәм олардың экспорт потенциалы бир миллиард долларға жеткериледи.

Мәжилисте «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы пәрман ҳәм «Өзбекстан – 2030» стратегиясын 2023-жылы өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарардың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды. Жумысшы топарлар қәлиплестирилип, партияның илажлар режеси тастыйықланды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА