Бүгинги күнде санлы технологиялар менен мәлимлеме дүньясы раўажланған сайын усы бағдарға байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары да артып бармақта. Мысал ушын, кибержынаятшылар, алдаўшылар пуқаралардың социаллық тармақлардағы жеке аккаунтларынан пайдаланып, олардан ақша талап етиў жағдайлары ушыраспақта.

Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ислеп шығылған нызам жойбары парламенттиң төменги палатасында жуўапкер комитет тәрепинен дийдиленген мақсетине жеткерилмекте.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сиясаты ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен «Өзбекстан Республикасының Жынаят ҳәм Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары бойынша семинар шөлкемлестирилди.

Бул нызам жойбары санлы технологиялар ҳәм крипто-активлер айланысы тараўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған.

– Бүгинги күнде Интернет тармағынан пайдаланған ҳалда шахслардың автомобиль қурылмаларын ҳәм социаллық тармақ ҳәм мессенджерлердеги аккаунт ҳәм каналларына зыянлы программа жибериў арқалы блоклап (тосып) қойыў, мағлыўматларды өширип жибериў, өзгертиў ямаса алып қойыў менен қорқытып, пул ямаса басқа да материаллық мәпдарлық талап етиў жағдайлары жүзеге келмекте, – дейди депутат Гулбаҳор Саидғаниева. – Сондай-ақ, криптовалюталар тараўындағы нызамсыз майнинг пенен шуғылланыў, аноним крипто-активлер майнингин әмелге асырыў ҳәм мобиль қурылманың халықаралық өзине тән идентификация кодын нызамсыз ислеп шығарыўшының рухсатысыз өзгертиў сыяқлы ҳуқықбузарлық жағдайлары көбейип атыр. Бул нызам жойбары менен интернетте алдаўшылық, нызамсыз крипто-активлер айланысы ҳәм майнинг пенен шуғылланғаны ушын жынайый жуўапкершилик ҳәм мобиль қурылманың халықаралық өзине тән идентификация кодын нызамлы ислеп шығарыўшысының рухсатысыз өзгертиў, сондай-ақ, бул мақсетте арнаўлы бағдарламалар ислеп шығыў, өткериў ямаса олардан пайдаланыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Мәжилисте атап өтилгениндей, нызамсыз крипто-активлер айланысы ҳәм майнинги менен шуғылланғанлар, егер оларды таярлық көрилип атырған ямаса ислеп атырған жынаят ҳаққында өз ықтыяры менен шағым еткен ҳәм оны ашыўға жедел жәрдем берген болса, жынайый жуўапкершиликтен азат етиледи.

Депутатлар ҳәм тараў қәнигелери нызам жойбарын жетилистириў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирди.

Мухтарама Комилова,

ӨзА