2024-жыл 1-январдан баслап республиканың узақ мүддетли суў балансы прогнозын жүргизиў, сондай-ақ, оны ҳәр жылы жаңалаў ҳәм суў ресурсларын үнемлеў бағдарламаларын қабыл етиў әмелияты жолға қойылады.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының, соңынан болса, басқышпа-басқыш республиканың барлық аймақларының аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерине суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ушын кредитлер 10 процент ставкада (процент ставкаларын субсидиялаў есабынан) ажыратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги