Усы жылдың 11-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жаслар сиясаты тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша» видеоселектор мәжилиси болып, онда тийисли министрлик ҳәм шөлкем басшыларына жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм оны шешиўге жәрдемлесиў бойынша бир қатар тапсырмалар берилген еди.

Мәжилисте көтерилген мәселелерден келип шығып, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалына Елликқала районында жасаўшы 22 ўақытша жумыссыз ҳәм майыплығы болған жаслар бириктирилди.

Өткен дәўир ишинде елликқалалы бул жаслар филиал қәўендерлигине алынып, олардың жасаў жағдайларынан хабар алынып, ушырасып атырған машқалалары тереңнен үйренип шығылды.

-Атап айтатуғын болсақ, филиал жәмәәти тәрепинен  1 жасқа заманагөй электромайыплық арбашасы, 1 тигиў машинасы, алтаўына 2,5 млн сумнан материаллық жәрдем пулы берилди,-дейди филиалдың баспасөз хаткери Мурат Тилеўбаев.-Ал, күни кеше болса, филиалдың жаңадан тайынланған директоры, профессор Байрамбай Еримбетов тәрепинен «Ақшакөл», «Қабатқала», «Шопан», «Истиқлол» ҳәм «Ташкент» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынада жасаўшы социаллық жәрдемге мүтәж 10 жасқа заманагөй компьютер топламлары саўға етилди.


– Мен «Ақшакөл» мәкан пуқаралар жыйынында жасайман,-дейди усындай жаслардың бири Рано Ражапбаева.-Бүгин мениң қызығыўшылығым инабатқа алынып,  Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры тәрепинен маған компьютер саўғаға берилди. Буның ушын филиал басшыларына өзимниң үлкен рахметимди айтаман ҳәм өзиме жаратылып атырған бундай қолайлықтан нәтийжели пайдаланып, өз билимимди жетилиситириўге ҳәрекет етемен.

Бундай ийгиликли ислер филиал жәмәәти тәрепинен даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы