Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, 2023-2024-оқыў жылы ушын өткерилген бакалавриат тәлим бағдарына кириў имтиханларының нәтийжелерине бола, студентликке усыныс етилмеген абитуриентлерге дизимнен өтиўде таңланған барлық бакалавриат тәлим бағдарларынан биринде дифференцияласқан төлемли-конракт тийкарында оқыў имканияты бериледи.

Дизимнен өтиўде таңланған 2-, 3-, 4- ямаса 5-бакалавриат тәлим бағдарларынан бирине студентликке усыныс етилген, бирақ топланған балы таңланған биринши бакалавриат тәлим бағдарында төлемли-конракт тийкарындағы өтиў балынан төмен болған абитуриентлерге таңланған биринши бакалавриат тәлим бағдарына дифференцияласқан төлемли-контракт тийкарында оқыў имканияты жаратылды.

ӨзА