Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың сиясий ҳәм жәмийетлик белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Оларды басшы лаўазымларына таярлаў, илимди раўажландырыў, ҳаял-қызлардың маманлығын арттырыў мақсетинде илимпаз ҳаял-қызлардың қатнасыўында «PhDге қәдем» темасында оқыў курсы шөлкемлестирилди. «Келешек: илимли қызлар жәмийетшилиги» тәлим-алмасыў бағдарламасы жолға қойылды.

Инсан ҳуқықлары ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша басшы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлық имканиятын күшейтиў бойынша оқыў курслары енгизилди.

Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайлары тәрепинен мийнет жәмәәтлеринде зорлық түрлери ҳәм олардың алдын алыў бойынша қысқа мүддетли семинар-тренинг шөлкемлестирилип, онда еки мыңнан аслам қатнасыўшы қамтып алынды.

Олий Мажлис Сенаты кенгашиниң гезектеги мәжилисинде 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын 2023-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасының орынланыўын додалаў процесинде жоқарыдағы мағлыўматлар келтирип өтилди.

Усы жылдың биринши ярым жыллығында бул бағдарламаның орынланыўы бойынша тийисли жумыслардың әмелге асырылғаны атап өтилди.

Сенаторлар Гендер теңликке ерисиў стратегиясы шеңберинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўдеги айырым кемшиликлерди сын көзқарастан додалады.

Атап айтқанда, зорлық еткен шахслардың минез-қулқын өзгертиў бойынша реабилитация илажларын өз ишинде алған арнаўлы бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы өз жуўмағына жеткерилмегени айтылды.

Мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың бақлаў кеңесине талабанлар бойынша  жәрияланған таңлаўларға Миллий кадрлар резервиндеги ҳаял-қызлардан талабанларды тартыўға жетерлише итибар қаратылмағаны сынға алынды.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, уйымлардағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық пенен имканиятларды тәмийинлеў бойынша мәсләҳәт кеңеси уйымларының жумысын жолға қойыў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Кеңес жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлерди 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясын 2023-жылы әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы шеңбериндеги ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы мәселелерине жуўапкершилик пенен қатнаста болыўға шақырды.

Н.Абдураимова, ӨзА