Халықтан түскен қарыз шәртнамасы, ўәсиятнама ҳәм жеке мүлкке байланыслы сораўларға Пуқаралық ислер бойынша Қоқанд районлараралық суды баслығы Акмал Розиқов жуўап берди:

Пуқаралық кодексиниң 732-статьясына бола, қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп (қарыз бериўши) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) пул ямаса сол сыяқлы белгилери менен белгиленген басқа да затларды мүлк етип береди.

Қарыз алыўшы болса қарыз бериўшиге бир жола ямаса бөлип-бөлип, сондай суммадағы пулды ямаса қарызға алынған затлардың түри, сапасы ҳәм муғдарына тең затлар (қарыз суммасы)н қайтарып бериў миннетлемесин алады.

Қарыз шәртнамасы пул ямаса затлар тапсырылған ўақыттан баслап дүзилген болып есапланады.

Бул кодекстиң 744-статьясына бола, кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп – банк ямаса басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында ақшалай қаржылар (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў миннетлемесин алады.

Пуқаралық кодексиниң 1127-статьясына бола, ўәсият етиўши қәлеген ўақытта өз ўәсиятнамасын толық түрде бийкарлаўға ямаса ондағы айырым ўәсият бийликлерин жаңа ўәсиятнама дүзиў арқалы бийкарлаўға, өзгертиўге ямаса толықтырыўға ҳақылы.

Ўәсиятнама ўәсият етиўши тәрепинен ямаса ўәсият етиўшиниң жазба бийлигине бола нотариус ямаса басқа да лаўазымлы шахслар тәрепинен оның барлық нусқаларын жоқ етип таслаў жолы менен бийкар етилиўи мүмкин.

Жаңа ўәсиятнама дүзиў арқалы алдын дүзилген ўәсиятнама толық түрде ямаса оның кейинги ўәсиятнамаға қайшы болған бөлеги бийкар етиледи.

Егер ўәсият етиўши тәрепинен кейинги ўәсиятнама өз гезегинде бийкар етилген ямаса өзгертилген болса, жаңа ўәсиятнама дүзиў арқалы толық түрде ямаса айырым бөлеги бийкар етилген алдыңғы ўәсиятанама қайта тикленбейди.

Конституцияның 65-статьясына бола, пуқаралардың абаданлығын арттырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын ҳәр қыйлы түрлердеги мүлк қурайды. Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм әдил бәсеки ушын шараятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықларының үстинлигин есапқа алған ҳалда экономикалық жумыс, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигин кепиллейди.

Өзбекстан Республикасында барлық мүлк түрлериниң тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.

Жеке мүлкке қол қатылмайды. Мүлк ийеси өз мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары сондай-ақ, судтың қарарына тийкарланбаған ҳалда айырылыўы мүмкин емес.

ӨзА