Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Америка Қурама Штатлары (АҚШ) Федерал тергеў бюросы (ФТБ) ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.

Онда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жағдайы, сондай-ақ, Бас прокуратура, АҚШ ФТБ, Ҳуқықты қорғаў академиясы ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте «Жарылыўдан кейинги тергеў ҳәрекетлери» темасында өткерилиўи режелестирилген оқыў курсына байланыслы мәселелер додаланды.

Илажға Өзбекстан ҳуқықты қорғаў уйымларының ўәкиллери сондай-ақ, АҚШ ФТБның терроризм ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтың басқа түрлерине қарсы гүрес бағдарларында жумыс алып баратуғын қәнигелериниң мирәт етилгенлиги атап өтилди.

Илаж еки басқышта өткерилиўи режелестирилген. Биринши басқышта қатнасыўшылардың теориялық таярлығы арттырылады. Бул Өзбекстан Ҳуқықты қорғаў академиясында болып өтеди. Екинши басқышты болса ИИМниң уйымлық оқыў орайында (полигон) шөлкемлестириў режелестирилген. Онда жарылыў орнында әмелиятта тергеў ҳәрекетлерин алып барыў мақсетинде транспорт қуралларының оқыў жарылыўлары әмелше асырылады.

ӨзА