Энергия қытшылығыныӊ алдын алыў ҳәм халықты, өндирис ҳәм санаат объектлерин үзликсиз электр еэнергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде бүгин мәмлекетимизде альтернатив энергия дәреклеринен кең пайдаланыў жолға қойылған.

Соӊғы ўақытлары “Қуяш панельлери” ямаса “фотоэлектр дәреклери” деп көп қолланылып атырған терминлер қуяш нурларын электр энергиясына айландырып, электр станциялардағы энергияның үнемлениўине ҳәм сапалы электр энергиясыныӊ ислеп шығарылыўына имканият жаратпақта.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ “2023-жылда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 7 мыӊ 107 объектте куўатлылығы 33 мыӊ 818 квт/с қа теӊ болған қуяш панели орнатылыўы режелестирилген. Усы жылдыӊ дәслепки 8 айы нәтийжелерине бола, белгиленген реже дерлик 35 процентке орынланып, 13 мыӊ 720 квт энергияныӊ қуяш панели есабынан ислеп шығарылыўына ерисилди.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар бажыхана уйым тәрепинен күнлик мониторинг етилип, орнатылған қуяш панельлери ҳаққында мағлыўматлар Бажыхана комитетиниӊ “Yashil energiya” платформасына киргизилип барылыўы тәмийинленбекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы объектлерде қуяш панельлерин орнатыў жумысларын муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў бойынша дүзилген жумысшы торап ағзалары Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орынлары ҳәм де социаллық тараў объектлерине орнатылған алтернатив энергия дәреклерин сол жерге барып үйренди.

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтына 95 квт/саат куўатлылыққа ийе қуяш панели орнатылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде реже толық орынланған.

Есап-санақларға бола, институтқа орнатылған қуяш панельлери электр энергиясына жумсалатуғын жыллық қәрежеттиӊ 30 процентин үнемлеўи нәзерде тутылған. Сондай-ақ, жоқары оқыў орны жүтәжлигинен артық ислеп шығарылған электр энергиясыныӊ  “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетине өткерилиўи де жолға қойылған болып, ҳәзирги ўақытта қуяш панельлери усы шөлкем ушын электр энергиясы ғана емес, ал қосымша дәрамат дәрегине де айланбақта.

Нөкис қаласындағы мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген “Арал” мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми де электр энергиясына болған талабын қуяш нурларынан алыўды мөлшерлемекте. Шөлкемге  10 квт/с куўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылыўы белгиленген болса да, электр энергиясына кететуғын қәрежетлерди максимал дәрежеде үнемлеў мақсетинде бул социаллық тараў объекти жақында ғана саатына 30 Мвтты қураўшы  бул шөлкемниӊ қәрежетлери енди қайта тиклениўши электр дәреклери есабынан 30-40 процентке азаятуғын болды.

Альтернатив энергия дәреклерин енгизиў бойынша сырт ел тәжирийбелери тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар электр энергиясына салыстырмалы артып баратырған талапты қанаатландырып, энергия қытшылығыныӊ алдын алыўға хызмет етеди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ шолыўшысы