Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасында «Ўатан босағасы» сүрени астында фестиваль шөлкемлестирилди. Буннан мақсет аймақтың шегара алды мәҳәллелеринде жасаўшы жаслар ҳәр қыйлы жат идеяларға түсип қалыўының алдын алыў, оларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар менен дәстүрлерге ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға жәрдемлесиў болып есапланады.

«Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзалары, театр актёрлары, шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлар ҳәм көркем өнер шеберлеринен ибарат дөретиўшилик топар қатнасқан фестивальдың басланыўы алдынан мийманлар әскерий хызмет ўақтында Ўатан тынышлығы жолында жанын пида еткен МҚХ Шегара әскерлери әскерий хызметкерлерин еследи. Қарақалпақстан Республикасының алыс Қоңырат районы Қарақалпақ посёлкасында жайласқан Мәденият үйинде даўам еткен илажда әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, аймақта жасап атырған жаслар қатнасты.

«Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзалары, илимпаз ҳәм шайырлардың баянатлары, көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған қосықлар, район Мәденият үйи қосықшыларының дөретиўшилик шығыўлары қатнасыўшыларға көтериңки кейпият бағышлады.

Сондай-ақ, Қоңырат районының шегарасында жайласқан әскерий бөлимде мәдений-ағартыўшылық илажлар, соның ишинде, әскерий қалашада қурылған жаңа китапхананың ашылыў илажы да шөлкемлестирилди. Көркем, барлық шараятларға ийе жаңа китапханада өзбек ҳәм дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилери, ҳуқық ҳәм басқа да тараўларға байланыслы әдебиятлар, баспасөз басылымлары орын алған.

Фестиваль шеңберинде әскерий қалашада әскерлердиң шаңарақ ағзалары менен сәўбетлесиўи де шөлкемлестирилди.

Алыс Жаслық елатлы пунктинде өткерилген гезектеги илажлар, 54- ҳәм 57-санлы улыўма билимлендириў мектеплеринде болып өткен дөретиўшилик ушырасыўларда «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзалары, шайыр ҳәм илимпазлар, көркем өнер шеберлериниң шығыўы аймақ халқы, жаслар менен әскерий хызметкерлердиң кеўилинде терең тәсир қалдырды.




«Ўатан босағасы» фестивалы Ферғана, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында даўам етеди.

М.Комилова,

ӨзАның хабаршысы