АҚШтың  US Nеws & World report басылымы «87 ең аз коррупцияласқан мәмлекет» глобал сораўының нәтийжелерин жәриялады.

Бул ҳаққында Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң директоры Акмал Бурханов хабар бермекте.

Сораў усы жылдың 17-мартынан 12-июнына шекем өткерилип, онда 36 мәмлекеттен 17195 адам қатнасқан.

Қатнасыўшылар мәмлекетлердиң қызықлы ўақыялар, мәдений тәсир, исбилерменлик, қәдириятлар, бизнес ушын ашықлығы, күш структуралары, турмыс сапасы, жәмийеттиң улыўмалық мақсети сыяқлы 73 нормалар бойынша баҳалаған.

Сораў нәтийжелерине бола, 1-орынды Швейцария (Канада-2, Швеция-3), Өзбекстан болса Ҳиндстан, Саудия Арабстаны, Қазақстан, Беларусь, Россия, ЖАР ҳәм басқа да мәмлекетлерди артта қалдырып, 68-орынды ийеледи.

М.Турдиалиева, ӨзА