Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы, Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген  оператив илажда жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен пуқаралар усланды.

Атап айтқанда пуқара С. Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Перинатал орайында өзи менен бирге ислейтуғын танысларыныӊ жәрдеминде жумысқа орналастырып бериўди ўәде етеди. Буныӊ ушын Нөкис қаласы Қум аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  арза ийесинен алдаўшылық жолы менен 20 миллион сумын алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 20 миллион сум айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Оператив илаж даўамында пуқара жумысқа орналастырып бериў ушын арза ийесинен алған 20 миллион сумды Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Перинатал орайында ислеўши және бир шахсқа беретуғынлығын айтып мүрәжат етти.

Илаж даўам еттирилип, Қарақалпақстан Республикасы аймақлық Перинатал орайыныӊ ҳәкимшилик имаратында усы орайда ислеўши Б.исмли шахсқа 20 миллион сумды алған ўақытта усланды. Оннан химиялық жол менен қайта исленген 20 миллион сум айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдайлар бойынша Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги